Мойнақта реал ўақытта ислейтуғын Өзбекстандағы дәслепки инновациялық телемедициналық клиника жумыс алып бармақта.

 

Инновациялық телемедициналық клиника ӨзР Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен республикамыздың ең шетки аймақларының бири болған Мойнақ районында шөлкемлестирилген болып, район ҳәкимлиги тәрепинен ажыратылған жер майданында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Мойнақты раўажландырыў бойынша арнаўлы басқармасы менен биргеликте усы клиниканың имараты қурып питкерилди. Клиника АҚШтың AMD компаниясы менен биргеликте телемедицинаға байланыслы болған барлық керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

 

Клиниканың тийкарғы ўазыйпасы Мойнақ мысалында Өзбекстанда биринши мәрте шетки аймақларда жасайтуғын пуқараларды республиканың орайындағы тәжирийбели шыпакерлер ҳәм дүньяның қәлеген жериндеги медициналық мәкемелердеги қәнигелер менен реал ўақыт аралығында байланысып (онлайн), медициналық тексериўден өткериў және сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў, терапевтлик емлеў бойынша кеңеслерин алыў имканиятын береди.

 

Шыпакер наўқастың реал ўақытта аралықтан турып видеокөринисин көрип қоймастан, оның ишки органларындағы өзгерислер (ультрасес аппараты), тери қатламы (дермаскоп), ЛОР кеселликлери (отоскор), жүрек қан-тамыр кеселликлери (стетоскоп, танометр, пельсоксиметр ҳәм ЕКГ), көз кеселликлерин (офталмоскоп) ҳәм басқа үскенелер жәрдеминде наўқастың қасында турып тексергениндей сападағы тексериў усылларынан пайдаланып, наўқасқа диагноз қойыў ҳәм терапевтлик емлеў өткериў имканияты бар. Бунда наўқастың шетки аймақтан орайға келип жүриўи шәрт емеслиги әҳмийетли есапланады.

 

Бул халқымыздың жасаў жағдайының жақсыланыўына, шетки аймақларда жасайтуғын пуқараларымыздың сапалы медициналық хызметлерден пайдаланыўына хызмет етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.