Нызамшылыққа муўапық, тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланған апелляциялық комиссияға жазба ямаса электрон тәризде апелляциялық арзасын бериў ҳуқықына ийе.

 

«Ҳуқуқий ахборот» каналының жазыўынша, арза берген абитуриент хабарландырыўда белгиленген күнде өзиниң паспорты ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен келиўи керек.

 

Абитуриентке оның жуўаплар бетиниң нусқасы, тест сораўлары надурыс шешилген жуўаплар дизими және тест сораўлары китабы бериледи.

 

Абитуриент өзиниң ҳәр бир надурыс деп есапланған тест сораўына жуўапларды жазба тәризде баян етеди ҳәм қабыллап алған барлық тест материаллары менен бирге апелляциялық комиссияға усынылады.

 

Арза апелляциялық комиссия тәрепинен тек ғана абитуриенттиң қатнасыўында, оның жазба жуўаплары тийкарында көрип шығылады.

 

Жазба жуўаплар тастыйықланбаса, комиссия нәтийжелерди өзгериссиз қалдырады.

 

Арза төмендеги жағдайларда көрип шығылмайды:

 

– абитуриенттиң жуўаплар бети, тест сораўлары китабы Мәмлекетлик тест орайына жеткерилмеген ямаса жыртылған болса;

– абитуриент тест сынақларынан шетлетилген болса;

– абитуриент өз жуўапларын жазба тәризде баян етпеген болса.

 

Апелляция процесинде төмендегилерге жол қойылмайды:

 

– уялы телефон, компьютер, телекоммуникациялық қураллар ҳәм шпаргалкалар (сөзлик, кестелер буған кирмейди) алып кириў;

– тест материалларын басқа абитуриентке узатыў, оларға жәрдем бериў ямаса жәрдем алыў;

– тест сораўлары китабының бетин жыртыў.

 

Комиссия қарары бойынша мағлыўмат Билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияға апелляция процеси толық жуўмақланғаннан соң 5 жумыс күни ишинде усынылады.

 

Абитуриент апелляция нәтийжелери бойынша судқа шағым етиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.