Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 30-июньдағы ПП-6017 санлы Пәрманы тийкарында жаңадан шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы лаўазымына сенатор Данияров Абатбай Сапарбаевич тайынланды. Бул ҳаққында басқарма мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Абатбай Данияров Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы болып, усы күнге шекем Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы лаўазымында жумыс ислеп киятырған еди.

 

Сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы орынбасары лаўазымына Абдикаликов Икрам Ережепбаевич тайынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.