Қоңырат районлық Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы, подполковник Акимов Қуанышбай Мырзабаевич усы жылдың 14-сентябрь күни мезгилсиз қайтыс болды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасынан хабар бериўинше, марҳум коронавирус инфекциясынан емленип атырған болған.

 

20 жылдан аслам ўақыттан берли усы тараўда жемисли мийнет етип келген, соңғы нәпесине шекем ел-халқы ушын аянбай хызмет екен марҳумның шаңарақ ағзаларына, туўған-туўысқанларына ҳәм досларына Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы атынан терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.