Park bench autumn urban landscape recreation

Бүгин, 14-сентябрь ҳәм ертең, 15-сентябрь күнлери ҳаўа райы жаўын-шашынларсыз, қурғақ ҳәм ыссы болады. Күндизги ҳаўаның температурасы 27-32 градус болады.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, 16-сентябрь күни Қарақалпақстан аймағына Волгабойынан салқын ҳәм аз муғдардағы ығал ҳаўа ағымы кирип келеди. Күн даўамында бул ағым Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстанның басқа шөл аймақларынан өтип, ҳаўа бултлы болып, күндизги температураның 20-25 градусқа шекем төменлеўине алып келеди.

 

17-18-сентябрьде салқын ҳәм аз муғдардағы ығал ҳаўа ағымы пүткил Өзбекстан аймағына тарқалады. Барлық жерлерде бултлы ҳаўа болып, қысқа мүддетли жаўын-шашынлар тек ғана Өзбекстанның таў алды ҳәм таўлы районларында бақланыўы мүмкин. Температура түнде 10-15 градус, күндиз 22-27 градусқа шекем төменлейди, бул климатлық нормадан 5-7 градусқа төмен болып табылады.

 

Салқын ҳаўа фронты өтиўи нәтийжесинде 16-17-сентябрь күнлери республика бойлап самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

 

19-сентябрьде қубла-батыстан келген ыссы ҳаўа салқын ҳаўа ағымын қысып шығара баслайды ҳәм күндизги температура 1-2 градус көтерилип, 25-30 градусты қурайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.