Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы орта арнаўлы ислам билимлендириў мәкемелеринде қабыллаў имтиханлары қашан өткерилетуғыны мәлим болды. Бул ҳаққында басқарманың мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Имтихан Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткерилиўи белгиленген болып, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Муҳаммед әл-Беруний» орта арнаўлы ислам оқыў орнына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ушын «Туран» орайлық стадионында (Нөкис қаласы, Ҳүрлиман қыз бақсы көшеси) болып өтеди.

 

Тест сынақлары 2020-жыл 16-сентябрь күни саат 17:00 де басланады. Абитуриентлерден тест сынақлары болып өтетуғын орынға саат 15:30 да паспорт ҳәм МТО рухсатнамасы менен келиўи талап етиледи.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы ҳүжжетлердиң бири болмаған жағдайда, абитуриент тест сынақларына киргизилмейди. Сондай-ақ, абитуриенттиң тест тапсырыўы менен байланыслы мағлыўматлар МТО рухсатнамасында көрсетип өтиледи.

 

Абитуриентлер карантин талапларынан келип шыққан ҳалда төмендеги тәртипте тест сынақларына киргизиледи:

 

– дезинфекциялық туннельден өткериледи;

– дене температурасы аралықтан өлшеў қурылмасы арқалы өлшенеди;

– медициналық нықап ҳәм қолғап пенен тәмийинленеди.

 

Хабарда жазылыўынша, МТО рухсатнамасын қалай алыў тәртиби бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.