Коронавирус инфекциясына  қарсы гүресиўде биргеликте ислесиў ушын елимизге келген россиялы шыпакерлердиң бир топары Беруний районында да болды.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, олар жергиликли кәсиплеслери менен биргеликте бул жерде шөкемлестирилген районлараралық COVID-19 медициналық бөлистириў орайында емленип атырған наўқасларды көрди ҳәм өзлериниң зәрүр усынысларын билдирди. Реанимотолог шыпакер Владимир Кукуев ҳәм инфекционист шыпакер Ольга Хисматулина кеселликке бул бағдарда елимизде алып барылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Пүткил дүнья жүзинде кеселликке қарсы  гүресиўде бир-биреўге жәрдем бериў вирустың кең тарқалыўының алдын алыўы мүмкин. Бунда дурыс алып барылған үгит-нәсият жумыслары ҳәм мәсләҳәт өзиниң унамлы нәтийжесин береди.  Россиялы қәнигелер районлараралық COVID-19 медициналық бөлистириў орайында жаратылған шараятларды ҳәм бул жерде тынымсыз мийнет етип атырған медицина хызметкерлериниң мийнетин айрықша атап өтти.

Ҳақыйқатында да, коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы бизиң республикамызда да системалы жумыслар жолға қойылған. Соның ишинде, Беруний районындағы 100 орынға мөлшерленген COVID-19 медициналық бөлистириў орайы барлық стандартларға жуўап береди.

Кеселликке шалынған наўқасларды емлеўге тек ғана медицина хызметкерлери емес, ал, исбилерменлеримиз де өзлериниң үлеслерин қосып келмекте. Усы күнниң өзинде медициналық бөлистириў орайына исбилерменлер тәрепинен 10 дана кислород концентраторы саўға етилди. Бул орайда емленип атырған наўқаслардың тезирек саўалып, шаңарағына қайтыўына хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги