2020-жыл 11-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жетинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барған бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери ҳәм «Узрепорт» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Парламент жоқары палатасы ағзалары тәрепинен 16 мәселе, соның ишинде, 7 нызам көрип шығылды.

Дәслеп Сенат ағзалары тәрепинен «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Ҳәзирги күнде Өзбекстанда 700 мыңнан аслам майыплығы болған шахслар, соның ишинде, 100 мыңнан аслам 16 жасқа шекемги майыплығы болған балалар жасайды.

БМШтың Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенциясының халықаралық стандартлары ҳәм талапларын, сондай-ақ, «майып» сөзиниң орнына «майыплығы болған шахс» атамасынан пайдаланыўды нәзерде тутыўшы «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызам мәмлекетимиздиң жоқарыдағы категорияға тийисли ўәкиллериниң ҳуқықлары менен мәплерин аңлатыўға хызмет етеди.

«Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи ҳәзирги ўақытта әмелде болған нызам ҳүжжетлерине салыстырғанда бул категория ўатанласларымызға қатар жаңа жеңилликлерден пайдаланыў имканиятын жаратпақта.

Нызамның күшке кириўи менен медициналық тексериў комиссияларының жумыслары жетилиседи, мүрәжат етиўши 10 календарь күнинде жуўмақты алады. Медициналық тексериўлер бийпул әмелге асырылады. Майыплығы болған шахслар амбулаториялық ҳәм стационар режиминде жеңилликли даўаланады. Протез-ортопедия әнжамларына болған талаплары қанаатландырылады.

Майыплығы болған шахслар ушын имаратларға кирип-шығыў ушын арнаўлы өтиў орынлары, пандуслар, жәмийетлик транспортта арнаўлы орынлықлар, минип-түсиўи ушын бәндиргилерде оларға шараятлар жаратылады. Олар ушын билим алыўдың барлық басқышларында қолайлылықлар нәзерде тутылады. Кәсип-өнерге үйретиў, колледж ҳәм техникумларда билим алыўы мәмлекет есабынан тәмийинленеди. Жоқары билимлендириўде жәми контингенттиң 2 проценти муғдарында мәмлекет грантлары ажыратылады.

Жергиликли ҳәкимликлер майыплығы болған шахслардың турақ жай шараятын жақсылаўға жуўапкер болады. Неке дүзиў ҳәм шаңарақ қурыў, балаларды перзентликке алыў, балаларды тәрбиялаўға байланыслы миннетлемелерди орынлаўы пайытында жәрдем алыў, атап айтқанда, үйинде ҳәм жасаў орнында хызметлер көрсетилиўи ҳуқықы тәмийинленеди.

Мәмлекет майыплығы болған балаларға қарап атырған шаңарақларға материаллық, мәсләҳәтке байланыслы ҳәм басқаша тәризде жәрдем береди ҳәм оларды қоллап-қуўатлайды.

Бул Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Ҳәзирги заманда экономиканың глобалласыўы тез тереңлесип, хожалықлар аралық байланыслар раўажланып ҳәм халықаралық дәрежелерде нызамшылық бирдей түрге келтирилип атырған шараятларда миллий ҳәм халықаралық дәрежелерде базар қатнасықларының тийкарғы факторларынан бири есапланған халықаралық арбитраж коммерциялық даўларын шешиўдиң альтернатив ҳәм суд мәкемесинен тысқары формасы сыпатында барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Додалаўда көрсетилгениндей, Өзбекстанда халықаралық коммерциялық арбитраж судларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм тоқтатыў тәртибин ҳуқықый тәртипке салыў, халықаралық коммерциялық арбитраж суды жумысының тийкарғы принциплерин белгилеў, сондай-ақ, сырт елли инвесторлар, миллий компанияларды шет елли шериклер менен өз-ара қатнасықларында олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў зәрүрлиги туўылды.

Бул Нызамның қабыл етилиўинен гөзленип атырған тийкарғы мақсет ­ даўларды көриўде хожалық жүргизиўши субъектлердиң шығынларын қысқартыў, арбитраждың шешиўши қарарларын тән алыў ҳәм орынлаў механизмлерин белгилеў және усы тийкарда халықаралық шәртнамалардың тартыслы мәселелерин шешиўде мәмлекеттиң региондағы абырайын арттырыў сыяқлы мәселелер екенлиги атап өтилди.

Жуўмақластырып айтқанда, бул Нызамның турмысқа енгизилиўи Өзбекстан тартысларды альтернатив шешиў усылы есапланған пуқаралық жәмийетиниң әҳмийетли институты сыпатында арбитраж додалаўы институтын раўажландырыўға, сыртқы экономикалық жумыс тараўындағы исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ушын зәрүр ҳуқықый шараятлар жаратыўға, сыртқы экономикалық шәртнамалардан келип шығатуғын даўларды көриўде мүддетлер ҳәм шығынларды қысқартыўды тәмийинлеўге имканият жаратылады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң Сенат ағзалары «Наркологиялық кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Нызам, бәринен бурын, социаллық турмысымызда гейде ушырасып туратуғын, тәбиятымызға жат болған, жасларымыздың саламат ержетиўине унамсыз тәсир көрсететуғын алкоголизм, наркомания яки токсикомания сыяқлы инсан минез-қулқына жат иллетлерди сапластырыўға бағдарланғанлығы менен әҳмийетке ийе.

Нызамда биринши гезекте психоактив затлардың тарқалыўына ҳәм медициналық емес пайдаланылыўына, соның ишинде, алкогольдан пайдаланыў себеплери ҳәм шараятларын анықлаў және сапластырыўға қаратылған социаллық, ағартыўшылық ҳәм медициналық-психологиялық илажлар комплексин әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары наркологиялық кеселликлерге шалынған, соның ишинде, антисоциаллық минез-қулыққа бейим шахсларды профилактикалық есапқа алыўды әмелге асырыўда ишки ислер уйымларының профилактика инспекторларына жәрдем беретуғыны белгиленген.

Нызамда наркологиялық кеселликке шалынған шахсты мәжбүрий емлеўге жибериў ҳаққындағы қарар оның жасаў орнындағы яки наркология мәкемеси жайласқан жердеги суд тәрепинен жигирма күнлик мүддетте, бул шахс бар болғанда қабыл етилиўи көрсетип қойылды.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият, мийнет уйымлары емленип шыққанларды жумысқа орналастырыў ҳәм социаллық турмысқа бейимлесиўинде көмеклесиўи ҳуқықый беккемленди.

Нызамға бола, мәмлекет амбулаториялық ҳәм стационарлық шараятларда бундай наўқасларға мәсләҳәт бериў-диагноз қойылыўын, емлеўди, психопрофилактикалық, реабилитациялық, социаллық жәрдем көрсетилиўин кепиллейди.

Наркология диспансерлери Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, мәмлекеттиң ири қалаларында республика, ўәлаят, қала яки районлар аралық дәрежеде бийғәрез емлеў-профилактика мәкемелери сыпатында шөлкемлестирилиўи, қала берсе, амбулатория шараятларындағы наркологиялық жәрдем районлық (қалалық) көп тармақлы орайлық поликлиникалары структурасында шөлкемлестирилген наркология кабинетлери тәрепинен көрсетилиўи белгиленген.

Сенаторлар бул Нызамды мақуллаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Соң Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2020-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўы ҳаққында мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2020-жылдың биринши ярым жыллық орынланыўы «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамда белгиленген бюджет параметрлери шеңберинде ҳәм Президентимиздиң коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў, глобал кризис ақыбетлерин сапластырыў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары, қала берсе, ҳүкимет ҳәм Кризиске қарсы гүресиў комиссиясы қарарларының орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Дүнья көлеминде болып өтип атырған глобал өсиў пәтлериниң төменлеўи процесиниң мәмлекет экономикасына да тәсир етиўи нәтийжесинде 2020-жылдың биринши ярым жылының жуўмағына бола, жалпы ишки өним көлеми ағымдағы баҳаларда 255,3 триллион сумды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 0,2 процентти қураған.

Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджетиниң 2020-жылдың биринши ярым жылындағы дәраматлары 71,6 триллион сум яки жалпы ишки өнимге салыстырғанда 28,8 процентти, қәрежетлери болса 80,5 триллион сум яки жалпы ишки өнимге салыстырғанда 32,4 процентти қураған.

Мәмлекетте коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде Мәмлекетлик бюджеттиң 2020-жыл 6 айлық дәраматлары 58,2 триллион сумға яки тастыйықланған жыллық параметрлерге салыстырғанда 45,3 процентке орынланған. Есабат дәўиринде өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 15 процентке көп қаржы түсирилиўине ерисилген.

Мәмлекетлик бюджеттиң 2020-жыл биринши ярым жыллығының қәрежетлери 64,9 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,2 есеге артқан. Нәтийжеде 23,1 триллион сум муғдарындағы ис ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер және 5 триллион сум муғдарындағы мийнет ҳақыға салыстырғанда ажыратпалар толық ҳәм мүддетинде қаржыландырылған.

Қала берсе, өткен 6 ай даўамында экономикалық қәрежетлерге Мәмлекетлик бюджеттен 9 триллион сум яки жәми қәрежетлердиң 13,9 проценти, инвестиция қәрежетлерине болса 6 триллион сум яки жәми қәрежетлердиң 9,2 проценти сарпланған.

Есабат дәўиринде денсаўлықты сақлаў, напақа ҳәм материаллық жәрдем төлемлери, экономика ҳәм инвестиция қәрежетлериниң өсиўиниң жоқары болыўына мәмлекетте халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм пандемия шараятында халықты социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары бойынша әмелге асырылған қәрежетлер тийкарғы фактор болған.

Атап айтқанда, 2020-жылдың 1-июль жағдайына Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан 5,6 триллион сумлық коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў, исбилерменликти ҳәм халықтың бәнтлигин қоллап-қуўатлаў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў, экономика тармақларының турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша илажлар қаржыландырылған.

Буннан тысқары, есабат дәўиринде жергиликли бюджет қаржыларын бийғәрез басқарыўды беккемлеў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын кепилленген қаржыландырыў дәреклери менен тәмийинлеў, жергиликли ҳәкимликлердиң жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде ҳәм қаржылардан нәтийжели пайдаланыўда жуўапкершилигин арттырыў бойынша белгиленген жумыслардың әмелге асырылғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, быйылғы жылдың биринши ярым жылында жергиликли бюджетлердиң дәраматлар прогнозы жәми 10,2 триллион сум етип белгиленген ҳәм реже әмелде 12,9 триллион сумға орынланған. Бунда тийкарынан аймақларда жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, кем қуўатлы кәрханалардың өндирис көлемлерин арттырыў, жаңа ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў ҳәм легалластырыў, салық қарызын қысқартыў, камерал үйрениўлер өткериў арқалы белгиленген прогноз режелердиң орынланыўы тәмийинленген.

Мәжилисте жергиликли бюджетлердиң аймақлар бойынша улыўма дәраматлар прогнозы орынланған болса да, бирақ, айырым салық түрлери бойынша белгиленген реже-тапсырмалары орынланбағаны атап өтилди. Атап айтқанда, быйылғы жылдың 1-июль жағдайына жергиликли бюджетлерге салықлардан қарыздарлық 2,9 триллион сумды қурап, жыл басына салыстырғанда 112 миллиард сумға артқан. Жергиликли бюджетлердиң Мәмлекетлик бюджет дәраматларындағы үлеси 22,1 процентти, оның жәми қәрежетлердеги үлеси 31,1 процентти қураған.

Буннан тысқары, коронавирус пандемиясының тарқалыўы, карантин илажларының қолланылыўы нәтийжесинде жергиликли бюджетлердиң қәрежетлерине де бир қатар өзгерислер киргизилгени атап өтилди.

Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм жергиликли бюджетлер қәрежетлеринен дерлик 1 триллион сумға оптималластырылған. 2020-жылдың 27-28-апрель күнлери күшли самал ақыбетинде Бухара ўәлаятында зыян көрген халық ҳәм экономикалық-инфраструктура объектлерине 164 миллиард сум ҳәм 1-май күни «Сардоба суў сақлағышы» плотинасында жүзеге келген айрықша жағдай ақыбетинде жәбирленген халықты қоллап-қуўатлаў ҳәм инфраструктураны тиклеў қәрежетлерине быйылғы жылдың ярым жылында 500 миллиард сум қосымша қаржылар ажыратылған.

Қала берсе, 2020-жыл 1-апрельден баслап 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала күтими бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшылар саны 10 процентке арттырылған. Бул илажлар нәтийжесинде, быйылғы жылдың ақырына шекем социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем алыўшылар саны 657,8 мың (+60,3 мың) шаңарақты қурап, оларға қосымша напақаларды төлеў ушын Кризиске қарсы гүресиў қорынан 211,8 миллиард сум қаржы нәзерде тутылған болып, соннан 91,3 миллиард сум қаржыландырып берилген.

Сондай-ақ, есабат дәўиринде анықланған кемшиликлерге итибар қаратылды. Атап айтқанда, анықланған қосымша дәраматларға салыстырғанда 51,7 миллиард сумлық қаржылардың бюджетке өндирилиўи тәмийинленбеген.

Соның менен бирге, пандемия шараятында жергиликли бюджетлер дәраматларының өз мүддетинде түспеўи нәтийжесинде жүзеге келген ўақытша касса үзилисиниң алдын алыў ҳәм белгиленген қәрежетлерди өз ўақтында қаржыландырыў мақсетинде есабат дәўиринде жергиликли бюджетлерге республика бюджетинен 626 миллиард сум бюджет трансфертлери ажыратылған.

Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде 7 669 микрофирма, киши кәрхана ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң мүлк, жер ҳәм суў салығын 2020-жыл 1-октябрьге шекем кешиктирип төлеў ушын 132,7 миллиард сум жеңилликлер берилген.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин «Халық депутатлары Кеңеслери жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Кеңеслердиң қадағалаў жумысларын күшейтиўге қаратылған ҳуқықый тийкарлар жаратылып, ҳәким, оның орынбасары, прокуратура, әдиллик, ишки ислер ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери басшыларының тийисли Кеңеслер алдында есап бериўи нызамларда белгилеп қойылған болса да, әмелде күтилген нәтийжелерди бермей атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ташкент қаласында басқарыўдың айрықша тәртибин енгизиў бойынша ҳуқықый эксперимент ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, эксперимент сыпатында шөлкемлестирилген халық депутатлары Ташкент қаласы ҳәм районлар Кеңеси секретариатлары нәтийжели жумыс алып бармақта.

Бул Нызам менен «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамға киргизилип атырған өзгериске бола, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң жумысына шөлкемлестириўшилик-техникалық ҳәм басқа тәреплерден хызмет көрсетиў ўазыйпасы ҳәкимликлер аппаратынан тийисли халық депутатлары Кеңеси секретариатының жуўапкершилигине өткерилмекте.

Бунда Секретариатлар юридикалық тәреп есапланыўы ҳәм оның жумысларының тийисли жергиликли бюджет есабынан қаржыландырылыўы, Секретариат структурасы, штатлар, хызметкерлердиң мийнет ҳақы муғдары ҳәм материаллық-техникалық тәмийнаты, сондай-ақ, олардың ислеўи ушын зәрүр қәрежетлердиң тийисли халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тастыйықланыўы белгиленбекте.

Бундан тысқары, мәжилисте атап өтилгениндей, бул Нызамның турмысқа енгизилиўи менен халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеси тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен тәсиршең депутатлық қадағалаўдың тәмийинлениўине ерисиледи.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Парламентке жоллаған Мүрәжатында атап өткениндей, ўәкиллик ҳәкимияты атқарыў ҳәкимиятынан ажыралған ҳалда хызмет көрсетиўи идеясын әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратылады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жетинши жалпы мәжилисиниң күн тәртибиндеги «Аўыл хожалығы ушын мөлшерленген жерлерден ҳәм тоғай фонды жерлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да додаланды.

Атап өтилгениндей, бул Нызам менен Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, Жер кодексине, сондай-ақ, «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы, «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы, «Жайлаўлар ҳаққында»ғы, «Тоғай ҳаққында»ғы, «Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Мәмлекетимиздеги бар жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, өнимдар аймақлар ҳәм тоғай фондын қорғаў тек экономикалық жақтан ғана емес, ал, экологиялық көзқарастан да әҳмийетли ҳәм актуал есапланады. Усы жағынан бул Нызам усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесин тәмийинлеў, тараўдың нормативлик-ҳуқықый тийкарын заман талаплары тийкарында жетилистириўге қаратылған.

Атап айтқанда, онда инвестициялық шәртнама яки мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кеткен суўғарылатуғын жерлер, сондай-ақ, суўғарылмайтуғын жерлер ҳәм тоғай фондының пайдаланылмай атырған жерлерин ижараға бериўдиң анық механизмлери белгиленбекте.

Және бир тәрепи. Нызамда жерди ижараға бериў шәртнамасы мүддетинен бурын бийкар етилсе, ижарашы шәртнамада нәзерде тутылған мүддеттиң ақырына шекем жерден пайдаланыў ҳуқықына ийе болыўы беккемленбекте.

Нызам, бәринен бурын, адамларда жерге болған мүнәсибеттиң өзгериўи, қала берсе, азық-аўқат қәўипсизлигиниң тәмийинлениўи бағдарындағы акутал ўазыйпалардың әмелге асырылыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң Сенат ағзалары «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Нызам менен 17 нызамға, атап айтқанда, 8 кодекс ҳәм 9 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси, Мийнет кодекси, Пуқаралық кодекси, Шаңарақ кодекси, Экономикалық процессуал кодекси, Бажыхана кодекси ҳәм Салық кодекси усылар қатарына киреди.

Соның менен бирге, бул Нызам менен «Акционерлик жәмийетлер ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Жынайый ҳәрекеттен алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы, «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы, «Қурал ҳаққында»ғы ҳәм басқа да нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Соның ишинде, «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы Нызам менен қорғаў ордери шөлкемлестирилген еди. Лекин, бул қорғаў ордеринде нәзерде тутылған шеклеўлерди орынламағаны ушын нызам ҳүжжетлеринде жуўапкершилик мәселеси ашық қалған. Сонлықтан басым өткериўге ҳәм (яки) зорлық ислеўге мейил болған яки оларды ислеген шахс тәрепинен қорғаў ордери талапларын орынламағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди ҳәм бул шеклеўлердиң орынланыўын және бир мәрте кепилледи.

Өз орнында «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызам жаңа пункт пенен толықтырылып, оған бола басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға жеткерилген руўхый ҳәм материаллық зыянның орнын қаплаў ҳаққындағы даўалар бойынша даўагер пуқаралық ислери бойынша судларда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилди.

Сондай-ақ, киргизилип атырған өзгерислерге бола, Жынаят кодексиниң «Мийнет етиў ҳуқықын бузыў» ушын жуўапкершилик белгилеўши статьяның тийисли бөлими жаңа редакцияда баян етилип, оған бола, жәбирлениўши тәреп тек жас баланың анасы ғана емес, ал, бағып атырған оған жақын басқа шахс та болыўы мүмкинлиги көрсетилди.

Халықаралық шәртнамаларда басқаша шәртлер келисилмеген болса, сырт елли тасыўшыларға тийисли болған автотранспорт қуралларында жүк ҳәм жолаўшыларды республикамыз аймағында жайласқан пунктлер арасында тасыў (каботаж) қадаған етилген. Сол себепли Өзбекстан ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси басқа мәмлекетлерде дизимнен өткерилген жүклерди ҳәм (яки) жолаўшыларды тасыў ушын мөлшерленген автотранспорт қуралларынан нызамға қайшы рәўиште пайдаланыў ушын жуўапкершилик белгиленген жаңа статья менен толықтырылмақта.

Мәмлекетлик экологиялық комитет инспекторларының нызамлы жумысларына тосқынлық етиў, олардың көрсетпелерин орынламаў ҳәм басқа да нызамсыз жағдайлардың көплеп ушырасып атырғанлығын есапқа алып, жуўапкершиликти күшейтиў мақсетинде Өзбекстан ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси тийисли жаңа статья менен толықтырылмақта.

Жоқарыда киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың турмысқа енгизилиўи мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеўге, халықты қыйнап атырған машқалаларды шешиўге, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға ҳәм өз гезегинде мәмлекетлик уйымлардың да бул бағдардағы жуўапкершилигин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин күн тәртибиндеги гезектеги мәселе ­ «Бюрократиялық тосқынлықлардың және де қысқартылыўы ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына заманагөй басқарыў принциплериниң енгизилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы додаланды.

Бул Нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Бюрократиялық тосқынлықларды және де қысқартыў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына заманагөй басқарыў принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм усы қарар менен тастыйықланған «Жол картасы»ның орынланыўы бойынша ислеп шығылған.

Президенттиң бул қарарына айырым нызам ҳүжжетлерин муўапықластырыў мақсетинде жәми 6 нызам ҳәм 3 кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамның 42, 98 ҳәм 103-статьяларына киргизилип атырған өзгерислерге бола, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен технологиялық, тоғай-мелиорация, агротехникалық, гидротехникалық, санитария-техникалық илажларды келисиўди нәзерде тутатуғын функция ҳәм ўәкилликлер шығарып тасланбақта. Нәтийжеде суў ҳәм суў объектлеринен пайдаланыў тараўында исбилерменлик субъектлериниң жумысын еркин алып барыў ушын артықша бюрократиялық тосқынлық алып тасланады.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 6 ҳәм 291-статьяларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, кодекстиң 6-статьясынан ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында қарарлар қабыл етиў бағдарында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери шығарып тасланбақта.

Яғный, жәмийетлик тәртипти сақлаў мәселелери, егер олар Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси менен тәртипке салынбаған болса, сондай-ақ, тәбийғый апатшылық ҳәм эпидемиялар менен гүресиў мәселелери бойынша қарарлар қабыл етиўди нәзерде тутыўшы функция ҳәм ўәкилликлери шығарып тасланбақта. Ақыбетте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысында коррупциялық жағдайды келтирип шығарыўшы дискрециялық ўәкилликке шек қойылады.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 291-статьясына, транспорт қуралларын сақлап турыў ҳәм тексериўден өткериў тийкарлары ҳәм тәртибине өзгерис киргизилмекте.

Буннан былай транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси жанында болмаған айдаўшылар транспорт қуралларын басқарғанда олардың автотранспорт қуралларын услап турыў тәртиби бийкар етиледи. Буның менен пуқаралардың мүлк ҳуқықларының кепилликлери күшейтиледи. Бул болса пуқараларға жаза базасын қысқартқан ҳалда коррупция жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.

Мийнет кодексиниң тийисли статьяларына да өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, кодекстиң 80-статьясынан жумысқа кирип атырған шахстан талап етилетуғын ҳүжжетлер дизиминен жасаў орнынан мағлыўматнама шығарып тасланбақта. Нәтийжеде пуқаралар тәрепинен мийнет шәртнамаларын дүзиўде артықша бюрократиялық тосқынлықлар алып тасланып, әўерешиликке шек қойылады.

«Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 13-статьясына муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының атмосфера ҳаўасын патаслаўдың турақлы дәреклери тәрепинен атмосфераға патаслаўшы элементлерди шығарыў бойынша мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағында нәзерде тутылған шәртлер ҳәм талаплардың бузылыўы менен байланыслы жумысларды шеклеў, тоқтатып турыў ҳәм сапластырыў мәселесинде қарар қабыл етиўди нәзерде тутыўшы функциялар менен ўәкилликлер шығарып тасланбақта. Ақыбетте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының өзине тән болмаған функция ҳәм ўәкилликлери бийкарланады ҳәм Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети тәрепинен атмосфера ҳаўасын қорғаў тараўындағы нызамшылыққа әмел етилиўи бойынша мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды толық шөлкемлестириў тәмийинленеди.

«Өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамның 34 ҳәм 45-статьяларында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди шарўашылық зәрүрликлери ушын таярлаў ушын рухсатнама бериў бойынша функциялары менен ўазыйпалары Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық бөлимлерине өткерилмекте. Нәтийжеде жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди шарўашылық зәрүрликлери ушын таярлаў менен шуғылланыўшы исбилерменлердиң жумысына жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының араласыўы қысқартылады.

Қала берсе, Турақ жай кодексиниң 111-статьясында мүлк ийеси, ижараға алыўшы, турақ жай қурыў яки турақ жай кооперативи ағзасының турақ жайды алмастырыў ҳаққындағы арзасына қосымша етиўи тийис болған ҳүжжетлерден турақ жайда жасап атырған шахслар көрсетилген ҳалда жасаў орнынан мағлыўматнама талап етиў бийкар етилмекте.

Сондай-ақ, усы кодекстиң 117-статьясынан пуқаралар тәрепинен сақлаў гүўалығын (брон) бериў ҳаққындағы арзаға қосымша етилиўи тийис болған ҳүжжетлер классификациясынан да жасаў орнынан мағлыўматнама шығарып тасланбақта. Нәтийжеде турақ жайларды алмастырыў ҳәм сақлаў гүўалығын (брон) бериўде пуқаралардан жасаў орнынан мағлыўматнама талап етилмейди.

«Тоғай ҳаққында»ғы Нызамның 15-статьясынан жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен атмосфера ҳаўасын патаслаўдың тоғайлардың жағдайына зыян жеткерилген жағдайларда шөлкемлер жумысын шеклеў, тоқтатып турыў ҳәм жабыў бойынша қарар қабыл етиўди нәзерде тутыўшы функциялар менен ўәкилликлер шығарып тасланбақта. Буның ақыбетинде исбилерменлердиң жумысына мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен араласыўы қысқартылады.

«Ғамқорлық ҳәм қәўендерлик ҳаққында»ғы Нызамның 23-статьясынан дәслепки тәризде ғамқор яки қәўендер тайынлаў ғамқор яки қәўендер болыў тилегин билдирген шахс тәрепинен арзасына қосымша етилетуғын ҳүжжетлерден жасаў орнындағы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымынан алынатуғын мағлыўматнама шығарып тасланбақта. Буның нәтийжесинде ғамқор ҳәм қәўендер болыў тилегин билдирген пуқараларға қолайлылық жаратылады.

«Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген айырым категориядағы шахслар үстинен ҳәкимшилик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамның 18-статьясының екинши бөлиминен қадағалаў астындағы шахстың қай жерделиги анықланбаған жағдайда ишки ислер уйымының қадағалаўы астындағы шахстың турған жери ҳәм жетип келмеў себеплерин анықлаў бойынша көрилген илажлар ҳаққындағы ҳүжжетлерден пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы тәрепинен берилетуғын мағлыўматнама бийкар етилмекте. Нәтийжеде ишки ислер уйымларының жумыс жүргизиўин әпиўайыластырыўға имкан жаратылады.

Қызғын додалаўлардан соң сенаторлар тәрепинен «Бюрократиялық тосқынлықлардың және де қысқартылыўы ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына заманагөй басқарыў принциплериниң енгизилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы мақулланды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Конституциясының 69, 78-статьяларына ҳәм де «Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси ҳаққында»ғы Нызамның 18, 23 ҳәм 25-статьяларына муўапық, «Ташкент ўәлаятының Зәңгиата, Төменги Шыршық, Янгийўл ҳәм Орта Шыршық районларының, Ташкент қаласының Сергели ҳәм Бектемир районларының, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласының шегараларын өзгертиў ҳәм Ташкент қаласының курамында Янгиҳаёт районын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Олий Мажлис Сенатының қарары тастыйықланды.

Оған бола, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл май айында Зәңгиата ҳәм Сергели районларына сапары даўамында жәмийетшилик ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда Ташкент қаласы қурамында Янгиҳаёт районын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныс Президентимиз тәрепинен алға қойылған еди. Бул усыныс быйылғы жылдың июль айында Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласының халқы тәрепинен қоллап-қуўатланып, Ташкент қаласы қурамында Янгиҳаёт районын шөлкемлестириў мәселеси халық депутатлары Ташкент қалалық ҳәм Ташкент ўәлаятлық Кеңеслери тәрепинен мақулланған.

Жаңадан дүзилип атырған Янгиҳаёт районына Ташкент қаласынан 2 131,2 гектар ҳәм Ташкент ўәлаятынан 2 288,4 гектар, жәми 4 419,6 гектар жер майданы ажыратылып, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласының шегаралары муўапықластырылмақта.

Буның менен Янгиҳаёт районында 115 санаат кәрханасы, 277 хызмет көрсетиў кәрханасы, 1 148,8 гектар аўыл хожалығында пайдаланылатуғын жерлер ҳәм 388,8 гектар халықтың қыйтақ жерлери нәзерде тутылған.

Соны атап өтиў керек, жаңадан шөлкемлестирилип атырған район Ташкент қаласына бойсыныўдағы районлар категориясына киргизилип, халқы 147 мың адамды қурап, қала халқының 5,8 процентин қамтып алады. Сондай-ақ, 47 штат бирлигинен ибарат район ҳәкимлиги, министрликлер ҳәм уйымлардың районлық бөлимлериниң шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде басқарыў нәтийжелилигиниң артыўына хызмет етеди.

Буннан тысқары, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде районды комплексли раўажландырыў ҳәм келешектеги перспективаларын белгилеў бойынша айрықша Бағдарлама ислеп шығылыўы белгиленген.

Сондай-ақ, мәжилисте «Наманган ўәлаятының Наманган қаласы қурамында Давлатабад районын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Олий Мажлис Сенатының қарары да тастыйықланды.

Давлатабад районына 1977-жыл 29-августта тийкар салынған, оның аймағы 1 125 гектарды қураған болып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 2003-жыл 12-декабрьдеги қарарына тийкар район жабылғанын ҳәм 2004-жыл 1-январьдан Наманган қаласының қурамына қосып жиберилгенин атап өтиў зәрүр.

Додаланған Сенат қарарына бола, Наманган қаласы аймағының 4 686 гектар (26 процент) жер майданында Давлатабад районы шөлкемлестирилип, бурын 2004-жылға шекем хызмет көрсеткен Давлатабад районы аймағына салыстырғанда дерлик 4,2 есеге кеңейтилмекте.

Соның менен бирге, Давлатабад районы қала қурамындағы район категориясына киргизилип, 21 штат бирлигинен ибарат район ҳәкимлиги, министрликлер ҳәм уйымлардың барлық районлық бөлимлериниң шөлкемлестирилиўи белгиленбекте.

Жаңадан шөлкемлестирилетуғын район аймағында 25 мәкан пуқаралары жыйыны, 33 850 хожалық, 421 көп қабатлы жай, 3 кәсип-өнер колледжи, 18 улыўма билим бериў мектеби, 24 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 5 медициналық мәкеме, 1 280 гектар аўыл хожалығы жерлери, 698 хызмет көрсетиў объекти, 429 санаат кәрханасы ҳәм 2 мәдений мийрас объекти бар. Бул районның халқы 149,6 мың адамды қурап, Наманган қаласы халқының 23,8 процентин қамтып алады ҳәм келешекте заманагөй көп қабатлы жайлардың қурылысы есабынан урбанизация процесиниң жеделлесиўине, сондай-ақ, жаңа инфраструктура объектлериниң қурылыўы ҳәм халыққа хызмет көрсетиў системасының және де раўажланыўына хызмет етеди.

Соны да атап өтиў тийис, Ташкент ўәлаятының Зәңгиата, Төменги Шыршық, Янгийўл ҳәм Орта Шыршық районларының, Ташкент қаласының Сергели ҳәм Бектемир районларының, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласының шегараларын өзгертиў ҳәм Ташкент қаласы қурамында Янгиҳаёт районын шөлкемлестириў ҳәм Наманган ўәлаятының Наманган қаласының қурамында Давлатабад районын шөлкемлестириў ҳаққындағы Олий Мажлис Сенаты қарарларының мақулланыўы келешекте бул аймақлардың және де раўажланыўына бағдарлама болады.

Соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине илимий жумысларды раўажландырыў ушын көрилип атырған илажлардың жағдайы ҳаққында парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселени де көрип шықты.

Атап өтилгениндей, 2017-2019-жыллар даўамында республикада илимий жумысларды тәртипке салыў, қоллап-қуўатлаўға қаратылған 1 нызам, Президентимиздиң 27 қарар ҳәм пәрманлары ҳәм ҳүкиметтиң 40 тан аслам қарарлары қабыл етилди.

Мәмлекетимизде илимниң раўажланыўына берилип атырған итибар өзиниң нәтийжелерин бермекте. Ҳәзирги ўақытта геология, математика, химия ҳәм биология тараўларына тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Бирақ, алып барылып атырған ис-ҳәрекетлерге қарамастан қатар машқалалар да сақланып қалмақта.

Үйрениў ҳәм талқылаўларға бола, инновациялық раўажланыў стратегиясында 2021-жылға шекем илимге ажыратылатуғын қаржылар жалпы ишки өнимниң 0,8 процентке шекем арттырылыўы белгиленген болса да, бул көрсеткиш 2018-2020-жылларда турақлы дәрежеде 0,15 процент муғдарында қалмақта.

Илим  тараўына ажыратылған қаржыландырыў бүгинги күнде ЖИӨ ге салыстырғанда тек 0,2 процентти қурайды.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң көбейиўине қарамастан орынларда жаңа материаллық-техникалық базаны қәлиплестириў, билимлендириў мәкемелеринде илимий дәрежели профессор-оқытыўшылардың салмағы жетерли емес, илимий потенциал көрсеткиши төмен.

Өткерилген талқылаўларға бола, соңғы үш жылда таяныш докторантура ҳәм докторантура питкериўшилериниң диссертация жумысын қорғаўы 54,7 процентти қураған.

Магистрлердиң илимий жумысты даўам еттириўи бойынша жетерли дәрежеде шараятлар жаратыў машқаласы толық шешим таппаған.

Мәмлекет регионларындағы билимлендириў мәкемелеринде илимий жумыс пенен шуғылланыў төмен дәрежеде қалмақта. Көпшилик диссертация қорғаў, яғный, 66 проценти Ташкент қаласына, қалған 34 проценти ғана ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасының үлесине туўра келген.

Илимий жумыслардың раўажланыўына кесент етип атырған жоқарыдағыдай жағдайдан келип шығып Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети Министрлер Кабинетине түсиник бериў талабын қоймақта.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети тәрепинен 2020-жыл 13-18-июль күнлери Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўда пайда болып атырған машқалалар ҳәм бул тараўдағы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў мәселелери Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты мысалында үйренилди.

Соның ишинде, 2019-2020-жылларда өз жумысын тоқтатқан исбилермен ҳаяллар саны исбилерменлик жумысын шөлкемлестирген ҳаяллар санынан асқан болса да, бул бағдарда системалы талқылаў өткерилмегенлиги анықланды. Бул машқалалар терең үйренилмеген ҳәм оларды сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар ислеп шығылмаған.

Атап айтқанда, 2019-2020-жылларда ҳаял-қызлар тәрепинен жәми жеке тәртиптеги 108 782 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилген. Бирақ, бул дәўир ишинде 115 920 исбилермен ҳаял өз жумысларын тоқтатқан. Бундай жағдайлар болса ҳаяллар ушын жумыссызлық, өзгелердиң қолына қараў ҳәм басқа да машқалаларды жүзеге келтирмекте.

Қала берсе, көплеген социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар болып, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў ислери жетерли дәрежеде алып барылмаған. Бул шаңарақлардың ағзалары болған ҳаял-қызларды исбилерменликке бағдарлаў, оқытыўға тартыў, өз жумысын жолға қойыў бағдарындағы имканиятлар ҳаққында хабардарлықты арттырыў бойынша үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумыслары нәтийжели шөлкемлестирилмеген.

Үйрениў нәтийжелери бойынша жуўапкер уйымлар тәрепинен мийнет базарындағы жағдайдың жетерли дәрежеде талқыланбағанлығы, бар болған бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматлар тийисли есабатларда толық көрсетилмегенлиги мәлим болды. Буның ақыбетинде ҳақыйқатында жумысқа орналасыўға мүтәж ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қатламын анықлаў, сондай-ақ, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәнзилли илажлар әмелге асырылмаған.

Жумыссыз ҳәм социаллық белсенди болмаған ҳаял-қызлар менен жеке тәртипте жумыс алып барыў әмелиятының жақсы жолға қойылмағанлығы ақыбетинде аўыр турмыс шараятында болған жумыссыз ҳаял-қызлардың саны азаймай атыр.

Жоқарыдағыларды инабатқа алып, Олий Мажлис Сенаты Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында парламент сораўын жибериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Буннан кейин арзан турақ жайлар қурыў процесиндеги машқалалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўының нәтийжелери додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, Министрлер Кабинети тәрепинен қурылыс министри басшылығында тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшы хызметкерлеринен ибарат жумысшы топар дүзилип, анық белгиленген жумыслардың әмелге асырылғанлығы белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги Пәрманы менен базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеўдиң жаңа тәртиби енгизилген. Оған муўапық, әмелдеги қурылысты бөлип алыўшы шөлкемлерге қурылыс материалларын арзанлатылған ҳалда жеткерип бериў ҳәм белгиленген салық жеңилликлери орнына кем тәмийинленген халық қатламы ушын мәнзилли жеңилликлер белгиленген.

Атап айтқанда, дәраматы жоқары болмаған ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға дәслепки төлем яки кредит проценти төлемлериниң бир бөлегин қаплаў тәртибинде субсидия берилиўи нәзерде тутылған.

Буған қосымша түрде Салық кодексине тийкарланып баҳасы 300 миллион сумнан артық болмаған турақ жай ийелери ушын ҳәр жылы 15 миллион сумлық физикалық тәреплердиң дәрамат салығынан жеңиллик белгиленген.

Сондай-ақ, қурылыс шөлкемлериниң онлайн системада ислеўши бирден-бир электрон мағлыўматлар базасының жаратылыўы, таңлаў саўдаларын өткериў ҳәм тараўда «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасында мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асырыў илажларының қолланылыўы да нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, мәжилисте қурылыс тараўының халық турмысында әҳмийетли орын тутыўы себепли ажыратылып атырған қаржылар, тартылып атырған инвестициялардан нәтийжели пайдаланыўда ашықлықты тәмийинлеў, тараўды модернизациялаў, жедел ҳәм инновациялық раўажландырыў, қурылыс сапасы ҳәм қадағалаўын алдынғы тәжирийбелер тийкарында тәмийинлеп барыў, енгизилип атырған жаңа тәртипти нәтийжели қолланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, қурылыс тараўындағы нормативлик-ҳуқықый нормаларды алдынғы сырт ел тәжирийбелери дәрежесине алып шығыў, қурылыс тараўының барлық процесслеринде ашықлық ҳәм анықлықты тәмийинлеў, сырт ел тәжирийбеси тийкарында әмелге асырылып атырған қурылыс нырқын арзанлатыў илажларын көриў, тутыныўшының ҳуқықлары бойынша шәртнама шәртлерин бузған қурылыс шөлкемлериниң жуўапкершилигин күшейтиў бағдарында ис-илажларды және де жетилстириў зәрүрлиги атап өтилди. Қала берсе, арзан ипотека кредитлери менен тәмийинлеўди жолға қойыў мақсетке муўапықлығы билдирилди.

Сондай-ақ, мәжилисте турақ жайға мүтәж пуқаралар ушын турақ жай алыўы мақсетинде субсидия бериў тәртибин ҳәм қолланылып атырған кредит сиясатын әпиўайыластырыў, қурылыс материалларын орайластырылған тәртипте жеткерип бериў әмелиятында базар экономикасы талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў, қурылыс тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша электрон (онлайн) системаны енгизиў, турақ жайлар бойынша ашық мағлыўматлар базасын жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соңынан халықты тәбийғый газ бенен тәмийинлеўдеги машқалалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўының нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, халықты тәбийғый газ бенен тәмийинлеў, тәбийғый газге болған талапты толық қанаатландырыў бағдарындағы ўазыйпалар тийкарынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халық ҳәм экономиканы энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў, нефть-газ тармағын финанслық саламатландырыў ҳәм оның басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып әмелге асырылып келинбекте.

Қала берсе, мәмлекетимиз басшысының бул қарары ҳәм Өзбекстан Республикасының нефть-газ тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясына тийкар углеводород шийки затын қазып алыў көлемлерин көбейтиў, газ-транспорт системасын модернизациялаў, тәбийғый газди қазып алыў, қайта ислеў, жеткерип бериў ҳәм сатыўды есап-санақ етиў ҳәм қадағалаў жумысларын жетилистириўге тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Соның менен бирге, инвестициялық жойбарларды сын көзқарастан үйрениў ҳәм оптималластырыў, оларды әмелге асырыў механизмлерин жетилистириў ҳәм нефть-газ тармағы кәрханаларында финанслық тәртипти беккемлеў сыяқлы қатар ўазыйпалар әмелге асырылмақта.

Мәжилисте бул бағдарда ушырасып атырған машқала ҳәм кемшиликлерге дыққат қаратылды. Атап айтқанда, халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин тәбийғый газ бенен тәмийинлеўде бир қатар кемшиликлердиң бар екенлиги сақланып қалынып атырғанлығы, тәбийғый газ жеткерип бериў шәртнамаларын дүзиўде газ тәмийнаты кәрханалары тәрепинен тәбийғый газди тасыў ҳәм жеткерип бериўдиң ҳақыйқатында бар имканиятларының инабатқа алынбай атырғанлығы, аймақларда тәбийғый ҳәм суйылтылған газ бенен тәмийинленбеген шаңарақларды хатлаўдан өткериў жумысларының сапалы шөлкемлестирилмей атырғанлығы атап өтилди.

Буннан тысқары, халықты газ бенен тәмийинлеў бағдарындағы кемшиликлер ҳәм машқалаларды анықлаў мақсетинде әмелдеги нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң тутыныўшылардың ҳуқықларын тәмийинлеў талапларына жуўап бериўи бойынша қайта көрип шығыў ислериниң төмен шөлкемлестирилгенлиги, халықтың тәбийғый ҳәм суйылтылған газден пайдаланыўға болған ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарындағы жумысларды талап дәрежесинде тәмийинлеў мақсетинде тийисли нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң талап дәрежесинде қайта көрип шығылмай атырғанлығы сыяқлы машқалалар бойынша әмелий илажлар көрилиўи зәрүрлиги атап өтилди.

Бул мәселе мағлыўмат ушын қабыл етилди. Лекин, аймақларда бул бағдарда лаўазымлы шахслар тәрепинен айырым кемшиликлерге жол қойылып атырғаны ҳәм пуқаралардың мүрәжатларынан келип шыққан ҳалда Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде Энергетика министрлигиниң мәлимлемесин тыңлаў усынысы билдирилди.

Буннан кейин ҳәкимлер тәрепинен қарарлар қабыл етилиўинде нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўы нәтийжелери додаланды.

Атап көрсетилгениндей, Министрлер Кабинети тәрепинен Сенат қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелий илажлар режеси тастыйықланып, орынлаўға жиберилген.

Белгиленген илажларда ҳәкимлердиң қарарлар қабыл етиў процесин автоматластырыў, исбилерменликке байланыслы қарарларын Ҳүкимет тәрепинен мониторинг етип барыў, қала берсе, белгиленген индикаторлар ҳәм мақсетли параметрлердиң орынланыўы бойынша ҳәкимлер өз аймақларындағы ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетшиликке турақлы мәлимлеме берип барыў системасын жолға қойыў, олардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў механизмлерин раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер көрсетилген.

Соның менен бирге, мәжилисте бул бағдарда қосымша илажлар көрилиўи тийис болған жумысларға әҳмийет берилди. Атап айтқанда, жиберилген Парламент сораўында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы ҳәм олар тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлик жумысына тийисли қарарлар қабыл етиў процесиниң анықлығын тәмийинлеў бойынша ҳәзирги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме бериў соралған еди.

Бирақ, Ҳүкиметтиң әмелий илажлар режесинде ҳәкимлердиң тек исбилерменликке байланыслы қарарларын мониторинг етип барыў ҳәм оның нәтийжелери бойынша тийисли илажларды көриў механизмлерин ислеп шығыў белгиленген. Қала берсе, ҳәкимлер тәрепинен пуқаралардың ҳуқықларына тийисли қарарларды (жер ажыратыў, турақ жайын бузыў ҳәм т.б.) мониторинг етип барыў мәселеси ашық қалған.

Буннан тысқары, нызам бузылыўларының алдын алыў мақсетинде район (қала) ҳәкимлериниң нормативлик-ҳуқықый болмаған басқа қарарлары (жер ажыратыў, турақ жайын бузыў ҳәм т.б.) әдиллик бөлимлериниң жуўмақлары тийкарында қабыл етилиўи зәрүрлиги яки зәрүр емеслиги ҳаққында тийкарланған мағлыўмат келтирилмеген.

Және бир тәрепи, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары тәрепинен қарарлар қабыл етиў жағдайы ҳәм буның менен байланыслы процесстиң анықлығын күшейтиўге қаратылған депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде халық депутатлары Кеңеслерине турақлы түрде мәлимлеме бериўи мәселелерине итибар қаратылмаған.

Сенаторлар парламент сораўында келтирилген машқалаларды сапластырыўға қаратылған илажларды Министрлер Кабинети тәрепинен даўам еттириў зәрүрлигин атап өтти.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарары да тастыйықланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети.

ӨзА