Халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, адамлардың машқалалары ҳәм усыныслары тийкарында орынларда мәселелерди шешиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары А.Усманов басшылығындағы жумысшы топар  республикамыздың қала ҳәм районларында көшпели ғалабалық қабыллаў өткермекте.

Қабыллаўларда Президент Администрациясы, Жоқарғы суд, Бас прокуратура, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў,  Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм басқа да министрликлер, мәпдар шөлкемлердиң ҳәм аймақлық секторлардың басшылары қатнаспақта.

Көшпели қабыллаўдың биринши күни Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районының пуқаралары қабыл етилди. Илажда 393  пуқара өзлериниң күнделикли турмысында ушырасып атырған 411 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан 132 мәселе сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты, 81 пуқараға ҳуқықый түсиник берилди. 168 мүрәжаттың орынланыўы қадағалаўға алынды.

-Бүгинги күни халықты қыйнап киятырған машқалалардың бири бул ишимлик суўы болып табылады,-дейди Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйынының турғыны Т.Ережепов.-Аймағымызда жасаўшы төрт мыңнан аслам халықтың машқаласы бойынша бүгинги қабыллаўда тийисли тараў басшыларына мүрәжат еттим. Мениң мүрәжатым көрип шығылып, Азия раўажланыў банкиниң қаржыландырыўында әмелге асырылып атырған жойбар тийкарында келеси жылы ишимлик суўы тартып берилетуғын болды.

-Ишки ислер уйымларында хызмет етиў балалығымнан әрманым еди,-дейди Нөкис қаласынан Ж.Муратбаев.-Ишки ислер министрлиги басшыларына усы мәселеде мүрәжат  еттим ҳәм Нөкис қаласы Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимине профилактика инспекторының жәрдемшиси лаўазымына жумысқа қабыл етилетуғын болдым. Буннан жүдә қуўанышлыман.

Сондай-ақ, көшпели қабыллаў Тақыятас, Шоманай ҳәм Хожели районлары турғынлары ушын Тақыятас районында, Кегейли ҳәм Бозатаў районлары турғынлары ушын Бозатаў районында болып өтти.

Тақыятас районы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының хызметкери Зыяда Өтегенова өткен жылдың декабрь айында «штат қысқарды» деген бәне менен жумыссыз қалған еди. Көшпели қабыллаўда оның мүрәжаты унамлы шешилип, бурынғы жумыс орнына тикленди.

Бозатаў районы «Қусханатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Дәлибай Айгелдиев 1986-жылы туўылған баласын майыплық напақасына шығарыў бойынша мүрәжат етти. Оның мурәжаты Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигелери тәрепинен үйренип шығылып, тийисли жәрдем берилетуғын болды.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жуўаплы хызметкерлери  тәрепинен көшпели қабыллаўларда халық пенен ушырасыў өткерилип, оларды қыйнап киятырған машқалалар үйренилди ҳәм унамлы шешиў илажлары көрилди. Атап айтқанда, еки күн даўамында  пуқаралардан 62 мүрәжат келип түсти. Соннан 15 мүрәжат сол жердиң өзинде  шешимин тапты.  Қосымша үйрениў талап ететуғын 13 мәселениң шешими қадағалаўға алынды. 34 пуқараға ҳуқықый түсиник берилди.

Мүрәжатларда тийкарынан пуқаралық алыў, биометрикалық паспорт рәсмийлестириў, тараў хызметкерлерине миннетдаршылық, ишки ислер, тергеўге шекемги тексериў ҳәм сорастырыў ҳәрекетлеринен наразылық мәселелери көтерилди. Илаж шеңберинде пуқаралығы болмаған шахс сыпатында жасап келген 10 пуқараға Өзбекстан Республикасының пуқаралық паспорты салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Республикамызда көшпели қабыллаўлар даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери