Қараөзек районындағы «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйынында екинши сектор басшылығында аўыл турғынлары ҳәм жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Ушырасыўға район ҳәкимлиги, прокуратурасы, жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары ҳәм аўыл жасы үлкенлери  қатнасты.

Илаж даўамында аймақ турғынлары өзлериниң аймағында ушырасып атырған машқалаларды атап өтти.

Ушырасыўда жаслар менен кең түрде пикир алысылды. Онда жаслар арасында ушырасатуғын машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша  илажлар көриў, жаслардың усыныслары менен басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы исбилерменлик жумысларын баслаў бойынша усыныслар билдирилди.

Исбилерменлик жумысын басламақшы болған жаслар өзлериниң келешек режелери, ушырасып атырған машқалалары менен таныстырды.

Илажда «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйыны «Шарўа аўылы» турғыны А.Таңирбергенов қусшылықты раўажландырыў, У.Ибрагимова  тигиншилик пенен шуғылланыў ушын банк кредитлерин алыўда әмелий жәрдем сорады. Сондай-ақ, илажда өзиниң сүўретхана ашып, өз жумысын баслаўды қәлеўши жасқа банк кредитин алыўда әмелий жәрдем  берилиўи атап өтилип, жумысын баслаўы ушын аўыл пуқаралар жыйыны орайындағы мектептен бир бөлме ажыратып бериў усыныс етилди.

Илажда усынылған мүрәжатлары көрип шығылып, тийисли тараў  ўәкиллерине тапсырмалар берилип, орынланыўы бойынша қадағалаўға алыныўы ескертилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги