Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен 8 ай даўамында жәмийетлик жумыслар қорына ажыратылған қәрежетлер есабынан 52600 пуқараның бәнтлиги тәмийинленген. Сондай-ақ, Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры есабынан 2900 пуқараның жеке меншик қыйтақ жерлерине ыссыхана қурыў, егин егиў ушын нәл ҳәм туқым сатып алыў және қыйтақ жерлерин суўғарыў бойынша машқалаларын шешиўге 7,2 миллиард сум муғдарында субсидия қаржылары берилген.

– Соннан жеңил типтеги ыссыхана қурыў ушын 2400 пуқараға 6,3 млрд., нәл ҳәм туқым сатып алыў ушын 197 пуқараға 14,0 млн., суўғарыў үскенелерин сатып алыў ушын 386 пуқараға 775,0 млн. сумлық субсидия ажыратылды,-дейди министрликтиң мәлимлеме хызмети баслығы Г.Утарбаева. – Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Қытай тәжирийбесинен келип шығып, аўыл-хожалығы кооперативлери шөлкемлестирилмекте.

Бунда ең дәслеп мәҳәллелердеги кем тәмийинленген ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж кәмбағал шаңарақларды анықлап, аўыл хожалығы кооперативлерине ағза болыў ҳәм өз мийнети арқалы дәрамат дәрегине ийе болыўды билдирген орташа 50 пуқараны бирлестирип, ҳәр бирине 20 сотыхтан жер ҳәм Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорынан 2,2 млн. сумнан субсидия ажыратыў әмелияты енгизилди.

Оған бола 12 районда резервтеги пайдаланылмай атырған 432,1 гектар жерде кооперативлерди шөлкемлестириў нийетин билдирген 26 талапкер анықланды. Оларға 980 жумыссыз пуқара ағзалыққа бириктирилип, 2185,4 млн. сумлық субсидиялар ажыратылды.

Сондай-ақ, аймақларда исбилерменликти раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры есабынан 232 жумыссыз пуқараға өз жумысын баслаўы ушын 51,2 млн. сумлық субсидиялар ажыратылып, мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Усы күнге шекем район (қала)лық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен бир қатар бос жумыс орынлары бойынша мийнет ярмаркалары шөлкемлестирилди. Усы жылдын 3-10 сентябрь күнлери аралығында мийнет ярмаркалары өткерилип, онда 516 кәрхана ҳәм шөлкем 2230 бос жумыс орынлары менен қатнасты. 1347 пуқара ярмаркаға қатнасты. Усы орайларға жумыс сорап мүрәжат еткен пуқаралардың 717си турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Соның ишинде, 328 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленип, 576 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Cондай-ақ, сыртқы мийнет миграциясы агентлиги тәрепинен 439 адам Қазақстан, Россия, Корея мәмлекетлерине белгиленген тәртипте жумысқа орналастырылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги