Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде пахта-жыйын терими мәўсиминиң басланыўына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы  Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Өзбекстан саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигелери ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине жыйын-терим жумысларына таярлықтың барысы, мапаз даўамында мәжбүрий мийнетке жол қоймаў, теримшилер ҳәм өзлериниң қәлеўи менен барған көмекшилерге жетерли шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде таныстырылды. Сондай-ақ, мәўсимлик жумысшыларды жыйын-теримге қатнастырыўда мийнет нызамшылығына, белгиленген санитария-гигиена талапларына қатаң бойсыныў зәрүрлиги ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, республикамызда быйылғы жылы 86 мың 291 гектар майданға шигит себилип, соннан 196 мың тонна «ақ алтын» жетистириў режелестирилген. Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамызда да пахта жыйын-терими басланып атыр. Бул мапазды шөлкемлескенлик пенен өткериў, дийқанларымыздың маңлай тери менен жетистирилген өнимди сепситпей жыйнап алыў мақсетинде орынларда 1606 отряд шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 8-сентябрьдеги «2000-жылдың пахта өнимин жыйып-терип алыў жумысларын жәмлескенлик пенен  шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында қолда терилген бир килограмм пахта  шийки заты ушын биринши теримде-1000 сумнан, екинши теримде-1400 сумнан аз болмаған муғдарда мийнет ҳақы төленеди. Буннан тысқары. усы қарарға муўапық пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм кооперациялары тәрепинен тартылған отряд басшыларына 2 миллион сумнан мийнет ҳақы, Қанлыкөл, Қараөзек. Кегейли, Қоңырат, Тахтакөпир, Хожели, Шоманай, Шымбай ҳәм Нөкис районларында жыйын-теримге теримшилерди тартыў мақсетинде  ҳәр бир килограмм пахта шийки затына 200 сумнан қосымша үстеме ҳақы төлеў белгиленди.

Быйылғы жыйын-терим мапазында мәжбүрий мийнетке жол қоймаў мақсетинде фермер хожалықлары ҳәм пахта-тоқымашылық кластерлери басшыларының қатнасыўында семинарлар шөлкемлестирилди. Ҳәр бир районның халық көп жыйналатуғын орынларына «Сизди пахта терими ямаса басқа жумысқа мәжбүрлеп атыр ма?» деген мазмундағы жәми 51 баннер орнатылды. Халықтың арасында усы мазмундағы 10 мың данадан зыят буклет тарқатылды.

Баннер ҳәм буклетлерде министрликтиң исеним телефонының номерлери, мийнет ҳуқықы телеграмм каналы көрсетилген болып, мәжбүрий мийнетке жол қойылған жағдайда пуқаралардың тийисли шөлкемлерге мүрәжат етиўи ушын имканиятлар жаратылды. Республикамызда бүгинги күнге  81600 теримши менен белгиленген тәртипте шәртнама дүзилди.

Илаж қатнасыўшылары журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўап берди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери