Пандемия себепли халық арасында электрон онлайн саўдаларды социаллық тармақлар арқалы әмелге асырыў кең ен жайды. Елимизде де Facebook, Instagram, Telegram ҳәм WhatsApp сыяқлы қосымшаларда интернет пайдаланыўшылары өз ара алып-сатыў жумысларын әмел асырмақта.

 

Усындай шараятта интернеттеги онлайн саўдалар алдаўшылардың ҳәр қыйлы схемаларын әмелге асырыўына қолайлық жаратпақта.

 

Жақында социаллық тармақ пайдаланыўшыларының көпшилиги және бир алдаўшылық схемасы пайда болғаны ҳаққында постлар жәриялап, усы жағдайға өз пикирлерин билдирди.

 

Алдаўшылар пайдаланыўшыға мүрәжат етип, коммерциялық мақсетте жеке бизнеси – ҳәр қыйлы затлар, өнимлер, дәри-дәрмақлар, препаратлар және басқа затларды сатыўды жолға қойыўды усыныс етеди. Басланыўына 500 мың сум ямаса 1 миллион сум шамасындағы қаржы менен саўданы жолға қойып, мол дәрамат алыў мүмкинлигин түсиндиреди.

 

Нызамға қайшы саўданы усыныс еткен алдаўшылар аңсат пул таўыў нийетинде саўда менен шуғылланбақшы болған адамнан дәслепки қаржыны электрон тәризде қабыллап алғаннан соң, пулларды қайтармайды ҳәм буннан бизнес басламақшы болған пайдаланыўшы зыян көреди. Еки тәреп арасында ҳеш қандай нызамлы ҳүжжетлердиң болмағаны, пайдаланыўшының өзи алдаўшыларға исенип, пластик картасындағы қаржыны өткерип бергени жумысты еле де қурамаластырады.

 

«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы мессенджерлер ҳәм социаллық тармақларда усындай «тармақлы маркетинг», «жаңаша бизнес», «көп дәрамат алатуғын жумыс» сыяқлы дағазаларды дыққат пенен көзден өткериў кереклигин еслетип өтеди. Пайдаланыўшыларға усы сыяқлы коммерциялық жолларды усыныс етип атырған бийтаныс адамларға пластик картаның номери, паспорт мағлыўматлары ҳәм басқа жеке мағлыўматларды әшкар етпеў, олардың есап бетине өз пулларын өткерип бермеўди усыныс етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.