ӨзР Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Ҳожибоев Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде коронавирус пенен гүресиўге бириктирилген денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде қаржыларды нызамға қайшы түрде өзлестириўдиң себеплери ҳаққында тоқталып өтти. Бул ҳаққында «Kun.uz» сайты хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, Қарақалпақстан Республикасы Хожели районындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының реконструкция жумысларында 189 миллион сумнан аслам қаржы талан-тараж етилгени анықланған.

 

Атап өтилиўинше, өткен ярым жыллықта Өзбекстан бойынша денсаўлықты сақлаў системасында 285 жағдайда 14 млрд сум қаржының нызамға қайшы түрде өзлестирилиўи ҳәм мақсетсиз сарпланыў жағдайларына жол қойылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.