Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикалық филиалы Нөкис қалалық ҳәкимлиги менен биргеликте қала ҳәкимлигиндеги вакант лаўазымларды билимли, қәнигелиги бойынша тәжирийбеге ҳәм жоқары потенциалға ийе талабанлар менен толтырыў мақсетинде ашық ҳәм еркин таңлаў жәриялайды:

 

√ Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң Баспасөз хызмети басшысы;

√ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша жетекши қәнигеси.

 

Жоқарыда көрсетилген вакант лаўазымларына талабанлар төмендеги талапларға жуўап бериўи тийис:

 

– жоқары мағлыўматлы;

– Өзбекстан Республикасы пуқарасы;

– мәмлекетлик тилди ҳәмде компьютер технологияларын толық билиўи;

– еркин пикирлеў ҳәм тапсырмаларды бийғәрез орынлаў қәбилетине ийе болыўы.

 

Жумыс шараятлары:

 

Жумыс күни: дүйшемби, сийшемби, сәршемби, пийшемби, жума.

Демалыс күнлери: шемби, екшемби.

Жумыс ўақты: 09:00 ден 18:00 ге шекем.

 

Таңлаўда қатнасыў нийетинде болған талабанлар Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң «Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымларының бирден-бир ашық порталы» (https://vacancy.argos.uz/)нан дизимнен өтиўи, Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық ҳәкимлигинде бос жумыс орынларының бирин таңлап, соралған ҳүжжетлерин электрон түрде усыныўы керек.

 

Итибар қаратың!

 

Таңлаўда қатнасып атырған талабан бир ўақыттың өзинде 1 бос жумыс орны ушын арза менен мүрәжат етиў имканиятына ийе.

 

Таңлаўда қатнасыў бойынша арзаларды қабыл етиў тек ғана талабанлар тәрепинен сайттағы электрон сораўнаманы толтырыў арқалы әмелге асырылады.

 

Мағлыўмат ушын телефонлар: (61) 224-18-74, (61) 222-71-45.

 

Талабанлардан арза ҳәм керекли ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддети:

2020-жыл 11-сентябрьден – 25-сентябрьге шекем.

 

Таңлаў төмендеги басқышларда өткериледи:

 

1-басқыш – ҳүжжетлерди қабыл етиў;

2-басқыш – талабанлардың вакант лаўазымына қойылатуғын қәнигелик талапларына муўапықлығын үйрениў;

3-басқыш – талабанлар менен сәўбет өткериў;

4-басқыш – талабанларды жумысқа қабыл етиў ҳаққында усыныс бериў.

 

Арза ҳәм ҳүжжетлерди қабыллаў мүддети өткеннен соң жиберилген арза ҳәм ҳүжжетлер қабылланбайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.