7-14-сентябрь күнлери Ташкент ҳәм Ташкент ўәлаятының районларында биреўден 5-7 жаслы балалар ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң таярлаў топарлары ашылмақта. 14-сентябрьден баслап бул процесс мәмлекет бойлап басқышпа-басқыш әмелге асырылады. 4-5 жаслы балалар ушын орта топарлардың ашылыўы октябрь айына, 3 жаслы балалардан ибарат киши топарлар ашылыўы болса ноябрь айына  режелестирилмекте.

Бул ҳаққында Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен бақшалардың жумысын қайта жолға қойыў, пандемия шараятында  тәрбияланыўшылардың саламатлығын сақлаў бойынша өткерилген әнжуманда мәлим етилди.

-Ашылыў мүддетлери мәмлекеттеги эпидемиологиялық жағдайға қарап өзгериўи мүмкин,-деди мектепке шекемги билимлендириў министри Агриппина Шин. –Электрон гезек жумысы усы жылдың ноябрь айына шекем ислемей турады. Ҳәзирше барлық ис-ҳәрекетлеримиз МШБға қатнаўды баслаған тәрбияланыўшылар ушын қәўипсиз шараятларды жаратыўға бағдарланған.

Әнжуманда атап өтилиўинше, топар ушын усыныс етилген балалардың максимал  саны 15. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң қәнигелери пандемия шараятында ислеўди үйрениўи, министрлик болса көнликпе арттырып олардан жуўмақ шығарыўы нәзерде тутылмақта.

3 жаслы балалар социаллық аралық ҳәм гигиена әҳмийетин түсинбеўи, бул болса олар ҳәм әтираптағылардың саламатлығын қәўип астына қойыўы мүмкинлиги инабатқа алынып, МШБға барыўды даўам еттириў қатаң зәрүрлик болған жағдайларда ғана усыныс етилмекте.

-Әмелге асырылған илажлар, көрилип атырған илажлар, көрилип атырған таярлықларға қарамай, бала ушын қәдирдан үйинен қәўипсизрек орын жоқ,-деди А.Шин.-Тәрбияланыўшының орны МШБда сақлап қалынады. Қалаберсе, ата-аналар еркин қатнаў тәртибин де таңлаўы мүмкин.

 

Моҳигул Қосимова, ӨзА