Тақыятас районында нураний аналар, ажырасыў алдында турған шаңарақлар, бирге ислесиўши ҳәм жуўапкер уйымлардың ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди. Онда шаңарақлардың ажырасыўының алдын алыў мәселесинде үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Быйылғы жылдың өткен дәўири ишинде районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте шаңарақларды беккемлеў бағдарында бир қатар үгит-нәсият илажларын өткерди.

Районда болып өткен усындай илажда елимизде шаңарақларды беккемлеў, ажырасыўлардың алдын алыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, неке, шаңарақ, перзент тәрбиясы менен байланыслы машқалалар ҳәм мәселелердиң шешими ҳаққында баянатлар тыңланды. Ислам дининде ажырасыў ҳәм оған мүнәсибет, ерте некениң ақыбетлери, шаңарақтың турмыс қәтержамлығына тәсир ететуғын тийкарлар, ҳаял-қызлар ҳәм ержетпеген жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы жумыслар талқыланды.

– Жасларымыз турмыс қурыўынан алдын тәғдирин ким менен байланыстырып атырғанын, ажырасарында болса, өзи менен бирге перзентлериниң тәғдирине де зыян жеткерип атырғанын ойлап көрмейди, -дейди Тақыятас районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы З.Сапарова. – Аянышлысы, ажырасыў алдында турған ҳаяллардың айырымлары шаңарақты тиклеўди емес, турақ жайға, арзымайтуғын нәрселерге ийе болыўды ойлайды. Усы нәрселер тири жетимге айланып атырған перзентиниң тәғдиринен де әзизбе?

Ушырасыўда усындай мәселелерге турмыслық мысаллар тийкарында шешим изленди. Бул машқаланы басынан кеширген жасы үлкенлер жасларды туўры жолға шақырды.

Шаңарақларды сақлап қалыўда жасы үлкен нуранийлердиң де хызмети айрықша болмақта. Районда өткен жыл даўамында олар менен бирге ҳәр қыйлы тәсирлер себепли бузылып баратырған шаңарақ ағзаларына түсиник жумыслары алып барылды. Руўхый орталықты жақсылаў, келешек әўлад ўәкиллериниң толық, саламат орталықта өсип-өниўин тәмийинлеў бағдарында илажлар көрилди. Соған қарамастан ажырасыўға шекем барып атырған шаңарақлар саны аз емес.

Ушырасыўда ажырасыў жағдайлары, олардың себеплери кең түрде талқыланып, жағдайды жақсылаў, шаңарақ мүнәсибетлерин турақластырыў мақсетинде алып барылып атырған үйрениўлер нәтийжели емес екенлиги, жарастырыў комиссиясы жумысында базы бир кемшиликлердиң бар екенлиги атап өтилди. Шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў бағдарында түсиник жумысларын алып барыўда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге  ислесиўин кеңейтиў бойынша усыныслар билдирилди.

Тыныш емес шаңарақлар менен ислесиўде жуўапкер шөлкемлердиң жумысын және де күшейтиў, ажырасыўлардың алдын алыў бағдарында ислениўи тийис анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги