Айырым пуқаралардың товарлардың кодын өзгертиў арқалы бажыхана төлемлеринен қашыў, солай етип, жасырын экономикаға  урыныў жағдайлары қырағы бажыханашыларымыз тәрепинен өз ўақтында анықланыўына ерисилмекте.

Себеби, сырт еллерде  ислеп шығарылған товарлардың импорты әмелге асырылғанда бажыхана төлемлериниң дурыс есапланыўы Сыртқы экономикалық байланыс товар номенклатурасы бойынша қолланылған товардың кодына тиккелей байланыслы болады.  Сонлықтан да товардың кодын басқа товардың коды менен  алмастырып усыныў «жасырын экономика»ға тийкар жаратады.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Нөкис» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен республикамыздағы жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң бириниң атына алып келинген «рулонларда цинкленген полат» товарының ҳүжжетлери тексерилгенде, усынылған кодлар бажыханашыларда гүман туўдырды.

Нәтийжеде басқарманың сыртқы экономикалық байланысты тарифсиз тәртипке  салыўды қадағалаў ҳәм бажыхана экспертизасы топары тәрепинен экспертиза өткерилди. Оның жуўмағында, ҳүжжетлерде бул товардың коды басқа товардың кодына, яғный, боялған полат рулонларға алмастырып усынылғаны анықланды ҳәм улыўма салмағы 209 тонна болған товарға 160  миллион сум қосымша бажыхана төлеми есапланды.

Анықланған жағдай бойынша сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги