Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы басламасы менен гезектеги көшпели қабыллаў Бозатаў районында болып өтти.  

Қабыллаў даўамында физикалық ҳәм юридикалық  шахслардан тийкарынан кредит қаржыларын алыў, электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлеў, бәнтлик ҳәм басқа да мәселелер бойынша 29 мүрәжат келип түсти. Соннан 16 мүрәжат усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Қалған ўақыт талап ететуғын 8 мүрәжат көрип шығылып, илаж көриў ушын тийисли тараў басшыларына тапсырылды. Олардың орынланыўы Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Қабыллаў шеңберинде район жаслары менен ушырасыў өткерилди. Онда жаслардың машқалалары ҳәм алдағы мақсетлери тыңланып, олар қоллап-қуўатланатуғын болды.

Бундай көшпели қабыллаў республикамыздың қала ҳәм районлары бойлап даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги