Усы жылдың 7-cентябринен баслап республикамыздағы 11 райондағы 41 улыўма билим бериў мектебинде билимлендириў процесслери тәжирийбе сыпатында басланды. Ал, 16-марттан баслап оқыў процеслери тоқтатылған мектеплерде қайта оқыўдың сынақ тәризинде басланыўы, халық билимлендириў министрлиги, қала ҳәм районлардағы мектеп директорларынан айрықша жуўапкершилик ҳәм белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел етиўди талап етеди.

Перзентлеримиздиң сынақ тәризиндеги мектеплерге шығыўы, олардың оқыў процесслери ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық жағдайы үйренип барылады ҳәм усыған қарап жуўмақ шығарылады. Қалған мектеплерде болса, 14-сентябрьден баслап оқыў процеси белгиленген тәртип тийкарында басқышпа-басқыш жолға қойылады.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң биринши орынбасары Азат Худайбергенов пенен ҳәзирги ўақытта көпшилик ата-аналарды, әсиресе, оқыўшыларды қызықтырған бир қатар сораўлар бойынша сәўбетлесип, жуўап алдық.

– Жаңа оқыў жылында мектеплерди ашыў тәртиби ҳәм талаплары қандай?

– Район (қала)лық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайлары тәрепинен мектеплердиң санитариялық-гигиеналық жағдайына жуўмақ бериледи. Соң халық билимлендириў бөлимлери өзине қараслы улыўма билим бериў мектеплериниң жаңа оқыў жылына таярлығы туўралы хәкимликлерге мәлимлеме киргизип, ҳәкимлик ҳәм сектор басшылары өз усынысларын киргизеди. Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслери мектеп жумысын баслаў бойынша қарар қабыл етеди.

– Жаңа оқыў жылында оқыўшылар класс ханасында қандай қағыйдаларға әмел етиўи керек?

– Оқыўшылар классқа киргеннен соң, партасының үстин ҳәм әтирапын, класс бөлмесиниң басқа да жерлерин таза сақлаўы, қолларын турақлы түрде дезинфекциялап турыўы талап етиледи. Мектепте жүргенинде ҳәм оқыў пайытында олар бәрқулла классласларының арасындағы аралықты сақлаўы тийис. Класста ҳаўа алмастырып турыўға итибар қаратып, тәнепис ўақтында аралықты сақлаған ҳалда ашық ҳаўаға шығыўы керек. Түшкиргенде жүзин тирсеги менен бекитиўи лазым.

– Оқыўшыларға класс ханасында нелер қадаған етиледи?

– Оқыўшылар өзлерине ажыратылған класс ханасынан басқа классларға кирмеўи керек. Тәнепис ўақтында басқа класс оқыўшылары менен байланыс орнатпаўы ҳәм топланып турмаўы лазым. Кеселликтиң қандай болса да белгилери сезилгенинде, басы ямаса тамағы аўырса, оны ҳеш кимнен жасырмай, дәрҳал класс басшысына хабарлаўы тийис.

– Ата-ана перзентин үйде онлайн оқытыўды қәлесе қай жерге хабарласыўы керек?

– Бул ушын ата-аналар тәрепинен перзентин аралықтан оқытыў қарары туўралы оқытыўшыны ескертип қойыўының өзи жеткиликли. Оның ушын ата-анадан ҳеш қандай жазба ҳүжжет талап етилмейди. Соның менен бирге,  дәстүрий түрде билим алып атырған оқыўшыны онлайн түриндеги билим алыўға ямаса керисинше онлайн түринде оқытылып атырған оқыўшыны дәстүрий түрдеги билим алыўға өткериў ушын да тек ғана оқытыўшыны бир аўыз ескертиў керек болады.

Қандай жағдайда мектеп ямаса класс карантинге алынады?

Бир класста 3 оқыўшыда коронавирус анықланған жағдайда класс санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен карантинге алынады ҳәм де мектепте дезинфекциялаў жумыслары алып барылады.

Егер жәми класслар санынан ямаса муғаллимлердиң улыўма санынан 10 процентинде тест нәтийжелерине бола коронавирус анықланса мектеп жаўылады.

– Мектеплерде сабақларды шөлкемлестириўдиң тәртиби қандай?

Пандемия шараятында мектеплердеги сабақлар азанғы саат 08:00 ден кешки саат 17:30 ға шекем шөлкемлестириледи.

Балалардың бир ўақытта топланып қалыўының алдын алыў мақсетинде сабақлардың басланыўы дифференциалластырылған ҳалда әмелге асырылады. Оған муўапық, 1-4-класслар мектепке саат 08:00 ге шекем, 5-8-класслар саат 08:30 ға шекем, ал 9-11-класслардың мектепке келиўи саат 09:00 ге шекем өз алдына есиклерден аралықты сақлап, дене температурасын өлшеткен ҳалда әмелге асырылады.

Сабақлар класс системасында алып барылады, яғный барлық сабақлар бир класс ушын бир бөлмеде өткериледи.

Баслаўыш класс оқыўшылары класс басшылары тәрепинен мектептиң тийкарғы дәрўазасының қасында күтип алынады және шығарып салынады, ата-аналардың мектепке кириўи қадаған етиледи.

Сабақлар аралығындағы тәнепислер ўақтында қоңыраўлар шалынбайды. Класс бөлмелери көшедеги ҳаўа температурасынан келип шығып, самаллатып барылады.

– Мектеплер ушын сабақ кестесиниң үлгиси ислеп шығылды. Айырым сабақларды өтиў шеклениўи мүмкин. Бул туўралы толық мағлыўмат берсеңиз.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен 2020-2021-оқыў жылының биринши шереги ушын улыўма билим бериў мектеплериниң пандемия шараятларына ийкемлестирилген сабақ кестесиниң үлгиси ислеп шығылды.

Усы сабақ кестеси тийкарында улыўма билим бериў мектеплериниң сменасы, оқыўшы орны, класслар ҳәм муғаллимлер санынан келип шығып, усы кесте үлгисине ийкемлестирилген ҳалда сабақ кестелерин дүзиў усыныс етилди.

Сабақ кестесин дүзиўде төмендеги талапларға итибар қаратылады. Бир ўақыттың өзинде оқыўшылар көп топланбаўы ҳәм тығызлықтың алдын алыў ушын сабақлардың басланыў ўақытлары белгиленеди.

Оқыўшылардың саламатлығын қорғаў, социаллық аралықты сақлаған ҳалда артықша қатнаста болыўының алдын алыў мақсетинде, денетәрбия, шақырыққа шекемги баслаўыш әскерий таярлық, музыкалық мәденият, сүўретлеў өнери ҳәм сызыў, технология, тәрбия сабақларының оқыў жылының басында өтилиўи ўақытша усыныс етилмейди. Бул сабақлар аралықтан оқытыў тәризиндеги телевизиялық сабақлар арқалы өзлестирилип барылады. Соны айрықша атап өтиў керек, усы сабақлардан сабақ өтетуғын муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысы толық сақланып қалынады ҳәм олар мектептеги оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў менен байланыслы жумысларға бириктириледи.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги