Қоңырат районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен  район ҳәкимлиги, прокуратурасы, ишки ислер бөлими, жаслар аўқамы менен биргеликте райондағы бос жумыс орынларының мийнет ярмаркасы өткерилди.

Мийнет ярмаркасына районда жайласқан 40 кәрхана ҳәм шөлкем өзлеринде бар болған 130 дан аслам бос жумыс орынлары менен қатнасты.

– Ярмаркаға 60тан аслам пуқара қатнасып, олардың 35и жаслар, соннан 20сы колледж питкериўшилери, 31и ҳаял-қызлар болды,-дейди орай директоры Н.Нуржанов.  – Ярмаркаға қатнасқан 35 пуқараға жумысқа орналасыў ушын райондағы кәрхана ҳәм шөлкемлерге жолламалар берилди.

Соннан 21и жаслар, 18и ҳаял-қызлар болды. 29 пуқара өз қәнигеликлери бойынша жумысқа кирди. 25 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги