Ҳәзирги пандемия ўақтында «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекети себепли жумыссыз отырған, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлап, жәрдем қолын созыўшылардың саны күннен-күнге артып бармақта.

Усы мақсетте халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзалары Б.Искендеров, Е.Мухамбетов, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары Б.Саманов ҳәм партия белсендиси «Арзыў» фермер хожалығының баслығы П.Салиевалар «Жаңабазар» АПЖға барды. АПЖдағы «Естек» аўылында жасайтуғын кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға 20 қалта ун ҳәм азық-аўқатлық өнимлер тарқатты.

– Бүгинги сынақлы күнлерде социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем көрсетиў халқымызға тән болған жақсы пазыйлетлердиң бири,-дейди П.Салиева. – Бундай қайыр-сақаўат илажлары районымызда даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги