Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде  «Сен-қүдирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында жәрияланған «Ең уллы, ең әзийз» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллығына бағышланып Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илаждың ашылыўы салтанатында атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басшылығында дөретиўши инсанларды қоллап-қуўатлаў, оларға ҳәр тәреплеме имканият жаратыў ҳәм олардың талантын жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта. Таңлаўда жазыўшы шайырлар, баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, фотограф ҳәм дизайнерлердиң дөретиўшилик мийнетлери төрешилер қурамы тәрепинен көрип шығылды.

Таңлаў жуўмағында жазыўшы Бекназар Ерназаров, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының жуўаплы хаткери Сағындық Жаниев, Қарақалпақстан телеканалы хабар ҳәм мәлимлеме таллаў редакциясы бас редакторының орынбасары Бахыт Төлепова, Қарақалпақстан радиоканалының редакторы Инкар Пиримбетова, «Beruniy-XABAR24» каналы редакторы Лобархан Базарбаева ҳәм басқалар жеңимпаз деп табылды.

-Интернет журналистика бағдарында таңлаў жеңимпазы болғанымнан қуўанышлыман,-дейди «Beruniy-XABAR24» каналы редакторы Лобархан Базарбаева.-Бул илаж 8-сентябрь-халықаралық журналистлердиң тилеклеслик күни өткерилип атырғаны менен әҳмийетли ҳәм ҳәр биримизге алдағы дөретиўшилик ислеримизде еле де жуўапкершилик жүклейди.

Таңлаў жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы