Усы жылдың 7-cентябринен баслап Қарақалпақстан бойынша 11 райондағы 41 мектепте билимлендириў процеслери тәжирийбе сыпатында басланды.

16-март күнинен баслап оқыў процеслери тоқтатылған мектеплерде қайта оқыўдың сынақ тәризинде басланыўы, республика халық билимлендириў министрлиги, қала ҳәм районлардағы мектеп директорларынан айрықша жуўапкершилик ҳәм белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел етиўди талап етеди, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Тахир Дәўлетмуратов. – Перзентлеримиздиң сынақ тәризиндеги мектеплерге шығыўы, олардың оқыў процеслери ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық жағдайы үйренип барылады ҳәм соған қарап жуўмақ шығарылады. Қалған мектеплерде болса, белгиленген 14-сентябрьден баслап оқыў процеси белгиленген тәртип тийкарында толық жолға қойылады.

Бүгинги күнде республикамызда 726 улыўма орта билим бериў мектеби болып, оларда оқыў процеслерин баслаў ушын таярлық көрип келмекте. Өткен ҳәптеде Төрткүл, Қараөзек, Кегейли, Бозатаў, Қоңырат районларында коронавирус пандемиясы шараятында мектепте билим бериўди алып барыў, оқыўшыларға шараятлар жаратыў бойынша әмелий семинарлар шөлкемлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги