Елимиз басшысы усы жыл Олий Мажлиске мүрәжатында «Бәршемизге белгили, реформа – бул жаңаланыў, өзгерис дегени. Реформалар жақсы нәтийже бериўи ушын, ең алды менен басшыларымыз ҳәм адамларымыз өзгериўи керек. Инсан өзгерсе жәмийет өзгереди. Бул мақсетке ерисиў ушын биринши гезекте, барлық дәрежедеги басшылар ҳәм халық депутатлары, барлық жетекшилер өзиниң жумысын сын көзқарастан додалап, қатаң тәртип ҳәм жеке жуўапкершилик тийкарында шөлкемлестириўин бүгин өмирдиң өзи талап етпекте» деп атап өткен еди.

Ҳақыйқатты айтыў керек, өткен үш жыл даўамында реформалардың жетекши күшине айланған Олий Мажлис ҳәм халық депутатлары кеңеслериндеги барлық дәрежедеги депутатлардың нызамлы ўәкилликлери ҳәм имканиятлары кескин арттырылды, депутатлық қадағалаў беккемленди.

Ўәкилликли уйымлардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары үстинен депутатлық қадағалаўды шөлкемлестириў, қабыл етилип атырған нызамлар, әҳмийетли жәмийетлик-сиясий, экономикалық әҳмийетке ийе мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған жумыслары бир қанша жетилистирилген болса да, бирақ, әмелиятта депутатлық ўәкиллери механизминиң нәтийжели жумыс алып барыўына тосқынлық ететуғын айырым машқалалы мүнәсибетлердиң барлығы сезиледи. Яғный усы күнге шекем депутат жумысының кепилликлериниң нызамлы тийкарларына сапалы ҳәм әмелиятта нәтийжели деп баҳа бериў мүмкин емес еди.

Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, депутатлар тәрепинен жуўапкер шахсларға тийисли сайлаў округлери сайлаўшыларының ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған мәселелер бойынша жиберилген депутатлық сораўларға әмелиятта айырым лаўазымлы шахслар итибар бермей, оған өз ўақтында жуўап қайтармайды. Ямаса депутат сораўына жуўапты тиккелей лаўазымлы шахстың өзи емес, ал, ўәкиллиги болмаған басқа шахслар тәрепинен қол қойыў жағдайлары да ушырасады.

Мәмлекетимиз басшысы халық ўәкилиниң сораўына бундай итибарсызлық пенен қараў жағдайларын кескин сынға алып, парламент ҳәм депутат сораўының тәсиршеңлигин арттырыў илажларын көриў мақсетинде парламент ҳәм депутат сораўына министрликтиң және мәкемелердиң биринши басшылары өзлери жуўап бериўи кереклигин нызамда белгилеп қойыўды усыныс етилген еди.

Президентимиздиң усынысы тийкарында нызамшылықтағы бул бослықты толтырыў мақсетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары киргизилип, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының усы жыл 23-июнь күни болып өткен мәжилисинде депутатлар тәрепинен биринши оқыўда көрип шығылды.

2020-жыл 7-август күни болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 6-жалпы мәжилисинде Сенат ағзалары «Нызам дөретиўшилиги ҳәм парламент қадағалаўы процеслериниң және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамды да көрип шықты. Бул жаңа өзгерислерден мақсет халқымызды қыйнап киятырған машқалалар бойынша парламент, депутат ҳәм сенатор сораўларына олар кимниң атына жиберилген болса, сол лаўазымлы шахстың өзи ямаса оның ўазыйпасын атқарыў жүклетилген шахс тәрепинен жуўап берилиўи анық норма етип белгиленди.

Бул өз гезегинде сораўлардың тәсиршеңлигин және де арттырыўға, депутатлық жумысы кепилликлерин күшейтиўге, лаўазымлы шахслардың халық ўәкиллери алдындағы жуўапкершилигин арттырыўға, ўәкиллик демократиясының раўажланыўына хызмет етеди.

 

Х.КАБУЛОВ,

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен юрист,

юридика илимлери кандидаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги