Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мағлыўматларына қарағанда, исбилерменлик субъектлери мәплериниң хуқуқый қорғалыўын тәмийнлеў мақсетинде усы жылдың 7 айы даўамында, жәми 48 мүрәжәт көрип шығылып, соннан 42си унамлы шешилди. Сондай-ақ, судларға мүрәжатлар бойынша басқарма тәрепинен палата ағзалары мәпинде жәми 1016, улыўма суммасы 81 млрд. 108 млн. сумға тең болған муғдарда даўа арзалар киргизилген.

Исбилерменлик субъектлериниң экспорт көлемин арттырыў ҳәм өнимлерин экспорт етиўге жәрдемлесиў мақсетинде палатаның Түркия, Россия, Қазақстан, Тәжикстан, Қытай ҳәм Европа мәмлекетлериндеги ўәкилханаларына коммерциялық усыныслар бериў арқалы жәми 4 исбилерменниң 3 миллион 376 мың АҚШ доллары муғдарындағы өнимлерин экспорт етиўде әмелий жәрдем көрсетилди.

Сондай-ақ, сырт ел инвестицияларын қамтыў ҳәм сырт елден заманагөй мини-технологиялар ҳәм әсбап-үскенелерди алып келиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлери жумысларын шѳлкемлестириў ҳәм модернизациялаў мақсетинде сырт мәмлекетлерден үскенелер, минитехникалар алып келиў бойынша 8 исбилерменлик субъектине 274 миллион 181 мың АҚШ долларына тең болған шәртнамаларды имзалаўда ҳәм алып келиўде әмелий жәрдем кѳрсетилди.

– Соның менен бирге, 156 жағдайда исбилерменлик субъектлери арасында жүзеге келген шағымларды судға дейин шешиў (медиация) процесслери өткерилип, унамлы шешимин тапты,-дейди басқарма баслығының орынбасары Қ.Турсунов. – Есабат дәўиринде исбилерменлик субъектлерине бизнести шөлкемлестириў, жүргизиў ҳәм және де раўажландырыў процессинде ушырасып атырған машқалаларын шешиўге жәрдем бериў мақсетинде олардың мүрәжатлары көрип шығылып, 76 проценти унамлы шешилди. Қалған 24 процент мүрәжат бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Базар инфраструктурасы исбилерменлик субъектлериниң хызметлеринен пайдаланыў имканиятын усыныў мақсетинде аймақлық басқарма менен, қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшылары, баҳалаў компаниялары ҳәм басқа да базар инфраструктурасы субъектлери менен бирге ислесиў жолга қойылды.

Бүгинги күнде палатаның Нөкис қаласы ҳәм районлардағы исбилерменликке көмеклесиў орайлары тәрепинен аймақлардағы қамсызландырыў компаниялары филиаллары менен 6, баҳалаў компаниялары менен 1, оқыў орайлары менен 4 шериклик (агентлик) шәртнамалар дүзилди.

Усы күнге шекем район (қала)лық Исбилерменликке көмеклесиў орайлары ҳәм олардың бөлимлери тәрепинен жәми 1168 хызметлер көрсетилди. Олардың 78и исбилерменлик субъектлери ҳәм 1090ы исбилерменлик жумысларын баслап атырған физикалық тәреплерден ибарат.

Ҳуқықый мәселелер бойынша мәсләҳәт бериў, электрон санлы имза алыўда жәрдемлесиў, есап бетин ашыў ушын ҳүжжетлер таярлап бериў бойынша бийпул хызметлер көрсетилмекте.

Ал, бизнес жоба таярлаў, шөлкемлестириў ҳүжжетлерин таярлаў, мөр, штамп үлгилерин таярлаў, сырт ел компаниялары менен келисимге келиўге жәрдемлесиў, салық ҳәм статистикалық есабатларды электрон тәризде жибериў бойынша пуллы хызметлер көрсетилмекте.

Исбилерменлик субъектлерин оқытыў ҳәм кадрларды қайта таярлаў бойынша басқарма жанында «Қарақалпақ бизнес тәлим» оқыў орайы шөлкемлестирилген болып, бул оқыў орайлары қасында шөлкемлестирилген оқыў курсларында 29 мәкеме хызметкерлери оқытылды. Оқыў курсларында қатнасқанлардың 24ти ҳаял-қызлар болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында пандемия дәўиринде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде тараўға байланыслы бир қатар тапсырмалар берилген еди. Сондай-ақ, «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты, экономика тармақларын ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы пәрманына қол қойылды.

Усы пәрманға муўапық, коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў дәўиринде халықты социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм экономика тармақларының жумыс ислеў турақлылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, айырым хожалық жүргизиўши субъектлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

Палата жанындағы Республикалық «Исбилерменлик тийкарларына оқытыў» оқыў орайының Қарақалпақстан филиалы менен биргеликте шөлкемлестирилген оқыў курсларында 1251 исбилермен ҳәм өз исбилерменлик жумысларын басламақшы болған физикалық тәреплер оқытылды. Интернет тармағындағы www.direktor.uz негизинде финанслық саўатханлық онлайн курсларында 487 исбилермен қатнасып, олардан 328и арнаўлы сертификат алды.

Халықтың кең қатламын, сондай-ақ, жасларды исбилерменликке тартыў ҳәм исбилерменлер санын еле де арттырыў мақсетинде палатаның тәжирийбели тренирлери тәрепинен ZOOM программасы арқалы 30дан аслам онлайн вебинарлар шөлкемлестирилди. Оларда 847 исбилермен ҳәм өз исбилерменлик жумысларын басламақшы болған физикалық тәреплер оқытылды ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте «Бизнес пенен танысыў» атлы оқыў материаллары топламы электрон форматта жеткерилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги