Қарақалпақстанда Қытай ҳәм жергиликли 14 жумысты бөлип алып ислеўши компания тәрепинен әмелге аcырылып атырған, Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районларын кесип өтетуғын Бостан каналының қурылыс жумыслары  жедел алып барылмақта.

Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаўға қаратылған бул жойбардың улыўма баҳасы 376,7 миллион долларды қурайды.

Қурылыс жумыслары Жәҳән банки қаржылары есабынан әмелге асырылмақта, делинеди Елликқала районы ҳәкимлигиниң берген мағлыўматы бойынша Kun.uz сайты хабар береди.

Атап өтилиўинше, каналға иске қосылғаннан соң Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районларындағы 100 мың гектар суўғарылатуғын жерлеринде суў ресурсларын  басқарыў жақсыланады.

Жылына 269 миллион м3 суў үнемленеди. 402 ден аслам насос станциялары тоқтатылып, жылына 6,9 миллион доллар муғдарында электр энергиясы ҳәм пайдаланыў қәрежетлери үнемленеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги