Усы жылдың 31-август – 2-сентябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери тәрепинен рейд илажлары өткерилди. Бул ҳаққында басқарманың баспасөз топары аға инспекторы С.Қәллибеков хабар берди.

 

Өткерилген рейд илажларында төмендеги қағыйда бузыў жағдайлары анықланып, транспорт басқарыўшыларына тийисли тәртипте ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестирилди:

 

– автотранспорт қуралының тезлигин белгиленген нормадан арттырыў бойынша 268 жағдай;

 

– спиртли ишимлик тәсиринде мәс ҳалда автотранспорт басқарыў бойынша 16 жағдай;

 

– жолаўшы тасыў қағыйдасына әмел етпеў бойынша 218 жағдай;

 

– тийисли ҳүжжетлерсиз автотранспорт басқарыў бойынша 73 жағдай;

 

– автотранспорт қуралының қаптал айналарын тийисли рухсатнамасыз қарайтыў бойынша 4 жағдай анықланған.

 

Сондай-ақ, транспорт басқарыўшылар тәрепинен әмелге асырылған басқа қағыйда бузыў бойынша 927 жағдай анықланып, улыўма республикалық көлемде 1496 жағдайда қағыйда бузыўшылық дизимге алынған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.