Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Социаллық пәнлер» кафедрасының доценти, социология илимлериниң кандидаты Хатира Камалова Россия Федерациясының Илимий идеялар орайы (Центр научный мысли) тәрепинен өткерилген «ХХI әсирдиң инновациялық технологиялары» атамасындағы V халықаралық илимий мақалалар таңлаўында жеңимпаз болды.

Қарақалпақстанлы илимпаздың «Өзбекстанда заманагөй гендер сиясатының жағдайы» темасындағы илимий мақаласы төрешилер қурамы тәрепинен  биринши орынға ылайық деп табылды.

Х.Камалова өзиниң 46 жыллық мийнет жолының 39 жылын жаслар тәлим-тәрбиясына бағышлады. 2004-жылы Өзбекстан миллий университети жанындағы қәнигелестирилген кеңесте «Қарақалпақстан Республикасында социаллық процесслердиң мониторинги» темасында «Социология теориясы, методологиясы ҳәм тарийхы» қәнигелиги бойынша кандидатлық диссертациясын табыслы жақлады.

Сабақ жүклемелеринде көрсетилген барлық пәнлер бойынша оқыў материаллары «Moodle» системасына киргизилген болып, усы тийкарда билим бериўдиң нәтийжелилигин арттырыўға ҳәрекет етеди. Ҳәр бир сабақты жаңа бағдарламалар тийкарында таярлап, көргизбели қураллардан, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан, электрон ҳәм мультимедия билимлендириў ресурсларынан пайдаланған ҳалда жоқары билимлендириўдиң заманагөй талаплары дәрежесинде алып барады.

–Илимий мақалам абырайлы таңлаўда жеңимпаз болғанынан қуўанышлыман,-дейди социология илимлериниң кандидаты, доцент Хатира Камалова.-Онда бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири болған елимизде гендер сиясаты түсиниги, оның мазмун-мәниси ҳәм ҳәзирги дәўирдеги машқалалары туўралы сөз етиледи.

Илимпаздың бүгинги күнге шекем 66 илимий ҳәм 4 оқыў-методикалық қолланбасы басылып шықты. Илимий журналларда 16, абырайлы сырт ел журналларында 8, соннан быйылғы жылдың өзинде 15 илимий мақаласы жәрияланды.

Тәжирийбели устаз Түркияның Стамбул қаласында болып өткен миллетлер аралық симпозиумда, Қазақстанның Астана қаласында болып өткен II ҳәм V халықаралық «GLOBAL SCIENCE AND INNOVATIONS 2018: CENTRAL ASIA» атамасындағы илимий-әмелий интернет-симпозиумда ҳәм басқа да бир қатар әнжуманларда өзиниң баянатлары менен қатнасып келди.

Х.Камалова 2013-жылдан баслап социологиялық изертлеў өткериў орайына басшылық етип келмекте. Бул орай тәрепинен 2013-2018-жыллар даўамында бир нешше әҳмийетли темалар бойынша изертлеў жумыслары алып барылды.

-Жоқары оқыў орнымызда бүгинги күни 255 ҳаял-қыз профессор-оқытыўшы жумыс алып барып атырған болса, соннан 100 ден зыятын илим кандидаты менен доцент, 12 син түрли тараўлар бойынша илим докторы (DSc) қурайды,-дейди Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша кеңесгөйи Инжайым Сейтназарова.- Профессор-оқытыўшыларымыз бенен студент-жасларымыз елимиз көлеминдеги, соның менен халықаралық таңлаўларға белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Атап айтқанда,  география илимлериниң кандидаты, доцент Оралхан Султашова, биология илимлериниң кандидаты Гүлназ Бегдуллаева, журналистика кадефрасының ассистент-оқытыўшысы, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қумар Бегниязова «Олима» бирлеспеси тәрепинен жас илимпазлар арасында өткерилип киятырған «Илим жулдызлары» таңлаўында сыйлы орынларды ийелеген болса, быйылғы жылы университетимиздиң 2-курс магистранты Назокат Ибрагимова ҳәм өзбек филологиясы факультетиниң 4-курс студенти Назокат Шарипбаева  Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды. Буннан тысқары, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң питкериўшиси Наргиза Балтабаева Қазақстанның пайтахты Нур-султан қаласында болып өткен «ҒМДА ның ең жақсы студенти-2020» таңлаўында биринши орынды ийелеген болса, физикалық мәденият факультетиниң 4-курс студенти Клара Дарменбаева «Өзбекстан белгиси» көкирек белгисин алыўға миясар болды. Жаңа оқыў жылы алдынан «Социаллық пәнлер» кафедрасының доценти, социология илимлериниң кандидаты Хатира Камалованың бул таңлаўда жеңимпаз болыўы Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллығына байрам саўғасы болды.

«ХХI әсирдиң инновациялық технологиялары» V халықаралық илимий мақалалар таңлаўының жеңимпазы шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм медаль менен сыйлықланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы