Бүгиннен баслап Қарақалпақстан Республикасында «Қоңырат-Нөкис-Қоңырат» жөнелиси бойынша қалалар аралық жолаўшы поездларының қатнаўы жолға қойылды. Бул ҳаққында «Халқ сўзи Онлайн» басылымы хабар берди.

 

Бул жөнелис бойынша карантин шеклеўлеринен алдын да поездлар қатнаўы болмаған.

 

Жолаўшы поездлары мәнзилине барғанға шекем 7 бәндиргиде тоқтап өтеди. Бул Нөкис қаласы менен бирге Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай ҳәм Қоңырат районларындағы жолаўшылардың өз мәнзиллерине ҳәр күни белгиленген ўақытларда жетип алыў имканиятын береди.

 

Билет баҳалары оғада арзан болып, мәселен, Нөкистен Қоңыратқа шекем 7 200 сум етип белгиленген.

 

Жолаўшы поездлары ҳәр күни Қоңыраттан 06:10 ҳәм 14:18 де Нөкис қаласына қарай ҳәрекетлене баслайды. Нөкистен 11:00 ҳәм 18:40 та Қоңыратқа қарай жол алады.

 

Бунда санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўге айрықша итибар қаратылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.