ӨзР Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен 2020-2021-оқыў жылының 1-шереги ушын улыўма билим бериў мектеплериниң пандемия шараятларына ийкемлестирилген сабақ кестесиниң үлгиси ислеп шығылды.

 

Усы сабақ кестеси тийкарында улыўма билим бериў мектеплериниң сменасы, оқыўшы орны, класслар ҳәм муғаллимлер санынан келип шығып, усы кесте үлгисине ийкемлестирилген ҳалда сабақ кестелерин дүзиў усыныс етилди.

 

Сабақ кестесин дүзиўде төмендеги талапларға итибар қаратылады. Бир ўақыттың өзинде оқыўшылар көп топланбаўы ҳәм тығызлықтың алдын алыў ушын сабақлардың басланыў ўақытлары белгиленеди (баслаўыш класслар ушын 08:00 де, 5-8-класслар ушын 08:30 да, 9-11-класслар ушын 09:00 де).

 

Оқыўшылардың саламатлығын қорғаў, социаллық аралықты сақлаған ҳалда артықша қатнаста болыўының алдын алыў мақсетинде:

 

– дене тәрбиясы;

– шақырыққа шекемги баслаўыш әскерий таярлық;

– музыкалық мәденият;

– сүўретлеў өнери ҳәм сызыў;

– технология;

– тәрбия

 

сабақларының оқыў жылының басында өтилиўи ўақытша усыныс етилмейди. Бул сабақлар аралықтан оқытыў тәризиндеги телевизиялық сабақла арқалы өзлестирилип барылады. Соны айрықша атап өтиў керек, усы сабақлардан сабақ өтетуғын муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысы толық сақланып қалынады ҳәм олар мектептеги оқыў-тәрбиялық процессти шөлкемлестириў менен байланыслы шөлкемлестириў мәселелерине бириктириледи.

 

Тәнепис ўақытларында санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етиў, социаллық аралықты сақлаў ҳәм оқыўшылардың өз ара қарым-қатнасын шеклеў мақсетинде сабақлар аралығында қоңыраўлар шалыў усыныс етилмейди, тәнепис ўақытларында бир ўақытта оқыўшылардың топланыўына жол қойылмайды.

 

Сабақлар арасында 5 минутлық тәнепис бериледи, сондай-ақ, баслаўыш классқа 2-саат сабағынан кейин, 5-11-классларға 3-саат сабағынан кейин 10 минутлық үлкен тәнепис, сменалар аралығында болса 30 минутлық тазалаў ушын ўақыт бериледи.

 

Аралықтан оқып атырған оқыўшылар ушын телевизиялық сабақлар кестеси усы жылдың 10-сентябринен баслап министрликтиң рәсмий сайты ҳәм социаллық тармақлардағы каналлары арқалы жәрияланады.

 

Еслетип өтемиз, 2020-2021-оқыў жылы рәсмий түрде усы жылдың 14-сентябрь күнинен басланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.