Усы жыл 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысына бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисти Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов кирис сөз бенен ашты.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары – экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри А.Тажетдинов бул бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен карантин илажларына бойсынған ҳалда экономика тармақларының, соның ишинде исбилерменлик субъектлериниң үзликсиз жумысын тәмийинлеў, сондай-ақ, жумысы ўақтынша тоқтатылған кәрханаларды тиклеў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Республикамызда карантин илажлары даўамында айырым исбилерменлик субъектлери өз жумысын ўақтынша тоқтатыўға мәжбүр болды. Президентимиздиң усы жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши нәўбеттеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында 11331  исбилерменлик субъектине 11431,1 миллион сумлық жеңиллик қолланылды.

Исбилерменлик субъектлерине салық жеңилликлериниң қолланылыўы жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болды.  Атап айтқанда, 274 исбилерменлик субъектине  54356,8 миллион салық жеңиллиги қолланылыўы нәтийжесинде 3825 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Халықты исбилерменликке үйретиў ҳәм бизнеске тартыў бойынша усы жылдың январь-август айларында 2558 исбилерменлик субъекти  шөлкемлестирилген болып, соннан 421 и шаңарақлық кәрхана болып табылады. Жыл ақырына шекем және 1848 жаңа киши бизнес субъектин шөлкемлестириў режелестирилмекте.

-Жумысшы топар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 26-августтағы «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос турған жер участкаларын бериў және архитектура-қурылыс жумысларын әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы үйренип шығылған еди,-дейди Өзбекстан Республикасы «Давергеодезкадастр» комитети баслығының биринши орынбасары Т.Абдуллаев. -2019-жыл 1-октябрден баслап енгизилген тәртипке муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос турған жер участкалары  исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын  тек ғана «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукцион арқалы берилетуғын болды. Бүгинги мәжилисте бул бағдарда исбилерменлерге жаратылған шараятлар бойынша кең түрде түсиник берилди.

-Пандемия шараятында миллий экономиканың турақлылығын тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халыққа жумыс орынларын жаратыў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм валюта түсимлерин тәмийинлеў, киши бизнести раўажландырыў бағдарында 16 пәрман және қарар қабыл етилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы  Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов.- Усы тийкарда быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында республикамызда 6321 исбилерменлик субъектине 195 миллиард сумнан зыят салық жеңиллиги берилди. Бул Президентимиз тәрепинен исбилерменлеримизге жаратылып атырған имканияттың айқын көриниси болып табылады.

Мәжилисте исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар менен бир қатарда орын алып атырған кемшиликлер атап өтилди ҳәм оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы