Тахтакөпир районындағы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм басқалар жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы  байрамы ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Ҳақыйқатында бул пуқаралар жыйыны орайынан 3 километр узақта жайласқан «Қыпшақ» ҳәм «Мүйтен» аўылларының турғынлары ушын әжайып байрам саўғасы болды. Еки аўыл халқының балалары енди усы жерде тәрбияланады.

Улыўма 90 балаға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратын «Аралбойы қурылысшылары» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары қурып питкерип, аўыл турғынларына саўға етти.

Илаж қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде кишкенелерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги