3-сентябрь күни Россияның ири медициналық мәкемелеринде хызмет көрсетип атырған тәжирийбели 4 қәниге Нөкис қаласына келди. Бул ҳаққында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

 

Олар бирнеше күн даўамында коронавирусқа шатылғанларды емлеў мәкемелеринде шыпакерлеримиз бенен биргеликте жумыс алып барады.

 

Россиялы қәнигелер гезекпе-гезек Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде шөлкемлестирилген коронавирус инфекциясын диагнозлаў, бөлистириў ҳәм емлеў орайында, Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында және басқа карантин зоналарында болып, коронавирусқа шатылған наўқасларды емлеў бойынша тәжирийбелерин жергиликли шыпакерлер менен бөлиседи.

 

Сондай-ақ, бул тәжирийбели шыпакерлер карантин зоналарының жумыслары менен танысып, оларға әмелий усыныслар береди.

 

Мағлыўмат ушын, август айының орталарында тәжирийбели россиялы 40 қа шамалас медициналық қәнигелер Өзбекстанға келген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.