Президентимиздиң «2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын инновациялық раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманында «Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўлары жедел раўажланып атырғаны реформаларды мәмлекетимиздиң жәҳән цивилизациясы жетекшилериниң қатарына кириў жолында тез ҳәм сапалы илгерилеўин тәмийинлейтуғын заманагөй инновациялық идеялар, қолланбалар ҳәм технологияларға тийкарланған ҳалда әмелге асырыўды талап етеди» деп айрықша атап өткен.

Ҳәрекетлер стратегиясында мийнет теңсалмақлығын ҳәм инфраструктурасының раўажланыўын тәмийинлеў, мийнетке жарамлы халықтың мийнет ҳәм исбилерменлик белсендилигин толық әмелге асырыў ушын шараятлар жаратыў, жумысшы күштиң сапасын жақсылаў, жумысқа қәбилетли шахсларды кәсипке таярлаў системасын кеңейтиў ўазыйпалары белгиленген.

Усы тийкарда республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың фонында Өзбекстан экономикасында сезилерли жоқарылаў көзге тасланды, көлем ҳәм сапа жағынан әҳмийетли қурамлы өзгерислер жүз берди.

Экономиканың барлық тармағына заманагөй инновациялық технологиялар жеделлик пенен кирип келмекте. Санаатта, аўл хожалығында, транспорт ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында жоқары баҳа, жоқары өнимдарлық ҳәм үнемлеўди тәмийинлеўши интенсивлик технологиялар, өндирис тараўында оғада кең көлемдеги заманагөй инновациялар енгизилмекте. Усы процесслерге миллиардлаған АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестициялары тартылмақта ҳәм мыңлаған технологиялық жумыс орынлары жаратылмақта.

2019-жылдың өзинде барлық қаржыландырыў дәреклери есабынан улыўма 220,7 триллион сумлық инвестициялар өзлестирилди, соннан тийкарғы капиталға инвестициялар көлеми 189,9 триллион сум екенлиги ҳәм бул 2018-жылғы көрсеткишлерге салыстырғанда 1,3 есеге өскенлиги жақын келешекте усы жойбарлардың жоқары маманлықтағы профессионал кадрлардың жаңа әўлады жетилисип шығыўы зәрүр екенлигин белгилеп бермекте.

Соның менен бирге, халықаралық мийнет базарының талаплары, интеграциялы процесслердиң жеделлесиўи, санластырыў, санааттағы технологиялық бурылыслар дәўиринде заман талапларына тән тәжирийбе ҳәм көнликпелерге ийе бәсекиге шыдамлы орта буўын қәнигелерди таярлаўды, кәсиплик билимлендириў тараўында жаңа системаны – халықаралық стандартларға тән профессионал билимлендириў системасын талап етти.

Нәтийжеде кәсиплик билимлендириў тараўында да мәмлекетлик сиясат түп-тийкарынан өзгерди.

Президентимиз тәрепинен тараўда түпкиликли реформаларды әмелге асырыў ҳәм заманагөй профессионал билимлендириў системасын жаратыўдың мақсет ҳәм тийкарғы ўазыйпалары, қысқа етип айтқанда, тараўдың жаңа миссиясы белгилеп берилди.

Бул миссияның әҳмийети жаңа сапа ҳәм форматта инсан ресурсларын раўажландырыў, жасларда ишки ҳәм сыртқы мийнет базары талап етип атырған әмелий квалификацияларды қәлиплестириў, олардың Ўатанға болған муҳаббатын, халқына болған садықлығын жоқарылтыўдан ибарат болып есапланады.

Солай етип системаның алдына төмендеги ўазыйпалар қойылды:

– аймақлар ҳәм тараўлардың кесиминде экономикалық раўажланыўға мүнәсип үлес қоса алатуғын орта буўын кадрларды таярлаў;

– жасларды қәнигели мийнет арқалы өз турмыс абаданлығын тәмийинлеўге өзгертиў;

– өз жумысына инновациялық ҳәм креатив қатнас жасаў, дөретиўшилик, интеллектуаллық, мәдений, мәнаўий потенциалды раўажландырыў сыяқлы компетенцияларды қәлиплестириў методологиясын жаратыў.

Әне, усы миссия ҳәм мақсетлерди гөзелеп, Президентимиздиң 2019-жыл 6-сентьябрьде «Профессионал билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Усы Пәрман Өзбекстан тарийхында жаңа профессионал билимлендириў системасын шөлкемлестириўге тийкар салған болса, 2020-жыл 24-январьда мәмлекетимиз басшысы өз Мүрәжатында «Быйылғы оқыў жылынан баслап, улыўма жаңа  профессионал билимлендириў системасы жолға қойылып, кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумлар шөлкемлестириледи» деп усы системаның әҳмийетин және бир мәрте айрықша атап өтти.

Онда экономиканың барлық тармақлары бойынша, исбилерменлик, киши бизнес, шаңарақлық бизнес, қыйтақ жер бизнеси, қурылыс, хызмет көрсетиў, шарўашылық, қусшылық, пал ҳәррешилиги, балықшылық сыяқлы тез пәтлерде раўажланып атырған тараўлар ушын маман кәсиплер бойынша тәжирийбели кадрлардың таярланыўы нәзерде тутылды.

Өз гезегинде, жаңа системаның барлық ҳуқықый-нормативлик тийкарлары жаратылды. Соның ишинде, жақында «Өзбекстан Республикасында үзликсиз басланғыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў системасын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы ҳүкиметтиң қарары жәрияланды.

Қарар менен Үзликсиз басланғыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў ҳаққындағы нызам, Басланғыш Профессионал билимлендириў басқышында кадрларды таярлайтуғын кәсип-өнер мектеплериниң үлги уставы, Орта профессионал билимлендириў басқышында кадрларды таярлайтуғын колледжлердиң үлги уставы және Орта арнаўлы профессионал билимлендириў басқышында кадрларды таярлайтуғын техникумлардың үлги уставы тастыйықланды.

Усы ҳүжжетлер тийкарында оқыў процеси халықаралық стандартларға муўапықластырылған билимлендириў бағдарламаларының тийкарында шөлкемлестирилетуғын 3 категориядағы билимлендириў мәкемелериниң жумысы жолға қойылады.

Енгизилип атырған жаңа система халықаралық үлгилерге толық тән болыўы ушын 14 халықаралық шөлкем менен биргеликте раўажланған шет еллердиң алдынғы тәжирийбелери үйренилди.

Германия, Швейцария, Қубла Корея, Түркия ҳәм Қытай және ЮНЕСКО, Британия Кеңеси, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети, Азия раўажланыў банки, Европа билимлендириў фонды, Түркия бирге ислесиў агентлиги, Қытайдың Университетлер ассоциациясы сыяқлы бир қатар сырт  мәмлекетлер ҳәм шөлкемлерден 200 ден аслам абырайлы халықаралық экспертлер тартылды ҳәм олардан салмақлы жуўмақлар алынды.

Жаңа профессионал билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў мазмуны, саны ҳәм сапасы, билимлендириў бағдарламалары, технологияларының реформаланыўы нәтийжесинде төмендеги қурамалы  өзгерислер әмелге асырылды.

Бириншиден, 2020/2021-оқыў жылында профессионал  билимлендириў системасында республика бойынша улыўма 725 билимлендириў мәкемеси, яғный 339 кәсип-өнер мектеби, 200 колледж ҳәм 186 техникум жумыс көрсетиўи белгиленди.

1-категория – кәсип-өнер мектеплеринде халықаралық стандарт классификациялаўшының 3-дәрежесине сәйкес келетуғын  2 жыллық билимлендириў бағдарламаларының тийкарында 9-класс питкериўшилери басланғыш профессионал билим алады.

Кәсип-өнер мектеплеринде тийкарғы бағдар сыпатында шаңарақлық бизнес, қыйтақ жер бизнеси, қурылыс, хызмет көрсетиў, шарўашылық, қусшылық, пал ҳәррешилиги, балықшылық сыяқлы экономикамызда әҳмийетли орын ийелеген 200 ден аслам жумысшы кәсиплер бойынша кадрлар таярланады.

Кәмбағалыққа қарсы гүресиў шеңберинде, бәринен бурын, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлеринде исбилерменликке, бизнеске, соңғылығында дәрамат алыўға бағдарлаўшы билим, тәжирийбе ҳәм көнликпелер және компетенциялар қәлиплестириледи.

2-категория – колледжлерде билимлендириўдиң халықаралық стандарт классификациялаўшының 4-дәрежесине сәйкес келетуғын, кәсиплердиң қурамалылық дәрежесинен келип шығып, 2 жылға шекем болған мүддет даўамында оқытыўға мөлшерленген билимлендириў бағдарламалары тийкарында орта профессионал билимлендириў қәнигелери таярланады.

Министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң қарамағында жумыс көрсетип атыран ҳәм усы тараўдағы анық жумыс орны ушын қәнигелер таярлайтуғын бул колледжлерге мектеплердиң  11-класс питкериўшилери қабыл етиледи.

Колледжлерде Германия тәжирийбесинде жақсы нәтийже берген «дуал» билимлендириў принциплери енгизиледи: оқыўшылар ҳәптениң белгили күнлеринде колледжде теориялық билим алады, басқа күнлери кәрхананың өзинде бириктирилген уста  басшылығында тиккелей  келешекте ислейтуғын жумыс орнында әмелият өтейди.

3- категория – техникумларда билимлендириўдиң халықаралық стандарт классификациялаўшының 5-дәрежесине сәйкес келетуғын, бакалавриат тәлим бағдарлары менен интеграцияласқан, күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў түрлеринде кеминде 2 жыл мүддетке бағдарланған билимлендириў бағдарламаларының тийкарында 11-классты питкерген жаслар оқытылады.

2 жыллық оқыўдан соң питкериўшилер оқыған кәсиби бойынша сәўбет тийкарында жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўға қабыл етилиўи мүмкин.

Бул система жоқары мағлыўмат алыў нийетинде болған көп санлы мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин жақын келешекте 50-60 процентке жеткериў ушын хызмет етеди.

Екиншиден, кадрлардың маманлығын халықаралық мийнет базары талапларына ийкемлестириў мақсетинде миллий тәжирийбе системасы ислеп шығылды. Өзбекстанда биринши мәрте  Миллий квалификация рамкалары, кәсип ҳәм қәнигеликлер бойынша профессионал стандартлар және дифферанцияластырылған билимлендириў стандартлары ҳәм бағдарламалары тастыйықланып, енгизилмекте.

Үшиншиден, оқытыў мүддетлери өзгерди. Атап айтқанда, алдынғы 3 жыллық бир түрдеги стандарттан толық ўаз кешилди. Қәнигеликлердиң қурамалылық дәрежесинен келип шығып, дифферанцияластырылған оқытыў мүддетлери енгизилди. Қосымша түрде профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған жасларымызға келешекте жоқары билимлендириўде оқыўын даўам еттириў ҳәм пүткил өмири даўамында өз қәнигелигин арттырып барыў имканияты берилди.

Төртиншиден, билимлендириў бағдарламалары ҳәм түрлери өзгерди. Енди билимлендириўдиң халықаралық стандарт классификаторының (МСКО) дәрежелери менен үйлескен ҳәм мийнет базарының талаплары тийкарында сәйкес келетуғын кадрларды таярлаў жаңа профессионал билимлендириў бағдарламалардың тийкарында енгизиледи.

Өз гезегинде, жумысшы кәсиплер менен орта буўын қәнигелерди таярлаў системасы бир-биринен толық ажыратылды ҳәм айрықша оқыў реже және бағдарламалар тийкарында оқытылыўы белгиленди.

Күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў түринде 2 жылға шекем мүддетте оқытыў системасы енгизиледи. Мысал ушын, жоқары билимлендириўдиң бакалавриат тәлим бағдарлары менен интеграцияласқан халықаралық «Associate degree» дәрежесинде қәнигелерди таярлаў бойынша кеминде 2 жыл мүддетке бағдарланған билимлендириў бағдарламалары әмелиятқа енгизиледи.

Билимлендириў бағдарламаларының жуўмақлары бойынша питкериўшилерге разряд көрсетилген сертификат, гүўалық ҳәм диплом бериледи.

Бесиншиден, билимлендириў технологиялары өзгереди. Онда, жоқарыда атап өткенимиздей, бәринен бурын, Германия тәжирийбесинде жақсы нәтийже берген «дуал» билимлендириў принциплери енгизиледи.

Профессионал билимлендириўдиң сапа ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде оқыўшылар ийелеген билим, көнликпе ҳәм тәжирийбелерди турақлы күнделикли турмысында қолланыўға үйрететуғын компетенциялық қатнас жасаўға тийкарланған билимлендириў бағдарламалары жаратылады ҳәм жаңа оқыў жылынан  енгизиў басланады.

Және бир әҳмийетли белги, буннан былай профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайлары имканиятларынан келип шығып, оқыўшыларды тартқан ҳалда ыссыхана, шарўашылық,  пал ҳәррешилиги, балықшылық, қояншылық, қусшылық, бағшылық, лимоншылық, овощ жетистириў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында исбилерменлик ҳәм киши бизнес тармақлары шөлкемлестириледи.

Алтыншыдан, 2020/2021-оқыў жылынан баслап, колледжлер ҳәм техникумлар мийнет базарының белгилери, жумыс бериўшилердиң технологиялық процесслерин еспқа алған ҳалда билимлендириў процессинде пайдаланылатуғын пән (модуль) ҳәм әмелият бағдарламаларын жумыс бериўшилер менен  бирге еркин ислеп шығады және әмелиятқа енгизеди. Демек енди, орта буўын қәнигелери  жумыс бериўши қойған тәжирийбе талаплары тийкарында таярланады ҳәм алдыннан таяр болған жумыс орнына барып жайласады.

Сондай-ақ, Өзбекстанда биринши мәрте усы оқыў жылынан баслап, профессионал билимлендириў мәкемелеринде исбилерменликке бағдарланған оқыў режелери тәжирийбе сынақ  түринде енгизиледи.

Жетиншиден, мәмлекетимиз басшының «Инновация болмайды екен, ҳеш бир тараўда бәсеки, раўажланыў болмайды», деген сөзлеринен келип шығып, Кәсиплик билимлендириў системасын инновациялық раўажландырыў, педагог кадрлардың тәжирийбесин арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў институтында инновациялық орталық, жаңа орай жаратылады.

Системада ислейтуғын хызметшилерди реформалардың орынланыўына таяр жағдайға келтириў, билим, сана ҳәм ой-пикирин раўажландырыў мақсетинде инновациялық қатнас жасаў тийкарында оқыў курслары шөлкемлестирилмекте. Усы жаңа орталықта билимлендириў мәкемелериниң директорлары ҳәм орынбасарлары арасынан стратегия, инновация ҳәм санластырыў әҳмийетин аңлаған, реформалардың орынланыўын тәмийинлеўге, санасын өзгертиўге таяр болған резерв кадрлар, күшли методист ҳәм оқытыўшылардың мағлыўматлар банки, портфолиолар банки жаратылмақта.

Тәжирийбе арттырыўға келген тыңлаўшылар ушын билимлендириўди инновациялық раўажландырыўға байланыслы 17 презентация таярланып, усынылды. 200 ден аслам  визуалластырылған ҳәм санластырылған жаңа электрон билимлендириў ресурслары базасы жаратылды.

Бул орталықта оқыў, аңлаў, ойлаў, дөретиў, жаңа идеялар, креативлик, интакерликке бәсеки оятыў ушын зәрүр шааятлар бар.

Сегизиншиден, билимлендириў системасын  жәҳән стандартларына толық ийкемлестириў, жумысшы кәсиплердиң абырайы ҳәм тартымлығын арттырыў мақсетинде Өзбекстан «WorldSkills» халықаралық ҳәрекетине қосылды ҳәм усы шөлкемге ағза болды.

Ҳәзирги ўақытта «WorldSkills» Өзбекстан ассоциациясының жумысын және де раўажландырыў илажлары көрилмекте.

Бул шөлкем менен бирге ислесиў жасларымызда заманагөй кәсиплик көнликпе ҳәм тәжирийбелерди раўажландырыў және халықаралық мийнет базарында қатары менен бирге бәсекилесиўде  үлкен әҳмийет көрсетеди.

Және бир әҳмийетли өзгерис. Бүгин пүткил дүньяда XXI әсир компетенциялары сыпатында талланып атырған «жумсақ» (soft) компетенцияларды қәлиплестириўге айрықша итибар бериледи.

Бул бағдарда бир қатар абырайлы сырт ел изертлеў орайлары, соның ишинде, Жер жүзилик экономика форумы тәрепинен усынылған 2020-жыл ушын ең әҳмийетли 10 компетенция, Европа ушын тийкарғы таяныш компетенциялар, Европа стандартлары шеңберинде Дублин дескрипторлары, Россия ушын тийкарғы таяныш компетенциялар терең талланған ҳалда миллий менталитетимизге тән ҳәм сәйкес  компетенциялық қатнас жасаў енгизиледи.

Жаңа система ушын жаратлып атырған оқыў әдебиятлары, китап ҳәм қолланбалар, электрон билимлендириў ресурслары, инновациялық, санластырылған билимлендириў  технологиялары, ашық электрон ресурслардың тармағы, оқыў әдебиятларын сырт мәмлекетлерден алып келиў, қайта ислеў, басып шығарыў ҳәм тарқатыў, келешек китапханалар, келешек аудитоияларды жаратыў процесслеринде усы сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар турақлы дыққат орайымызда болады.

Профессионал билимлендириўдиң жаңа тармағында жумыс көрсететуғын директорлар, директорлардың орынбасарлары, оқытыўшы педагоглар, өндирис усталарын таңлаў, тайынлаў, қайта таярлаў ҳәм аттестациядан өткериў, олардың статусын белгилеў ҳәм мийнетин хошаметлеўдиң жаңа тәртиплери ислеп шығылады.

Профессионал билимлендириў прцесине соңғы жылларда миллий экономиканы диверсификациялаў нәтийжесинде Өзбекстанда иске қосылған инновациялық өндирис қуўатлықлары, санаат, өндирис, аграр тараўларындағы ири кәрханалар, инновациялық бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлери, АКТ, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тармақларында заманагөй технологиялық линияларды басқарыўда үлкен тәжирийбеге ийе болған қәнигелер, ис жүргизиўшилер, инженер-технологлар, агрономлар ҳәм мастерлер тартылады.

Айтып өтиў керек, улыўма, билимлендириў системасын жетилистириў, оны жаңалаў ушын және бир әҳмийетли фактор пайда болды. Бул- пандемия. Енди биз, әне усы шараятта билимлендириў системасын аралықтан өткериўге үлкен таярлық көриўимиз зәрүр. Себеби, жақын келешекте онлайн билимлендириў тек узақ мүддетли тендецияға емес, ал турмысымыздың әҳмийетли бөлегине айланады.

Коронавирус тек ғана бизден емес, ал пүткил дүнья халқынан да мисли көрилмеген  санлы өзгерислерди талап етпекте – онлайн өмирге ийкемлесиў, соның ишинде, конвергент онлайн/офлайн жағдайда ислеўди талап етпекте.

Әлбетте, бирден басланған кеселлик ҳәм карантин дәўиринде пүткил мәмлекет билимлендириў системасы онлайн оқытыўға ғалабалық өтиўге таяр емес еди. Бирақ, ең әҳмийетлиси, пандемия дәўиринде биз усы жол менен оқытыўшы ҳәм студентлердиң коронавирус кеселлигинен исенимли қорғаныўына еристик.

Бүгин болса онлайн билимлендириў системасына өтиўдиң барлық имканияты толық үйренилмекте. Енди биз интернет магазиннен онлайн сатып алыўды әмелге асырғанымыз сыяқлы онлайн оқытыў тәртиплерине да ийкемлесиў ўақты келди.

Әсиресе, профессионал билимлендириў тараўында биз көбирек оқыўымыз ҳәм үйрениўимиз талап етиледи. Себеби, заманагөй мийнет базарында кадрлардың тәжирийбесине болған талаплар турақлы ҳәм тез өзгереўшең болып есапланады. Бул қосымша ҳәм еркин билим алыўды талап етеди.

Улыўма, бул дәўир алдына да өзине тән талаплар қоймақта.

Биринши гезекте, билимлендириўди толық санластырыў керек. Онда сабақлық қоланбалар, онлайн презентациялар, анимациялық сабақлар, видеоинструкторлар сыяқлы санлы контетлер жаратылыўы зәрүр.

Екиншиден, бул контентлерди жайластырыў ҳәм ҳәммеге қолайлы болған электрон платформалар жаратылыўы керек.

Үшиншиден, оқытыўшыларда санлы контент пенен ислесиў, оны байытыў, оқыў бағдарламаларына масластырыў, оқыўшыларға жеткериў, олар менен кери байланыс орнатыў сыяқлы жаңа компетенуияларды қәлиплестириўди талап етеди.

Оқыўшылардың интернет тармағына  байланысқанылығы жағдайында онлайн, интернет тармағына байланыспаған оқыўшылар контингенти менен офлайн режимлеринде сабақлар шөлкемлестириў зәрүр болады.

Олардың ҳәммеси билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасының инфраструктурасын жетилистириў, соның ишинде, оптикалық талалы байланыс, жоқары тезликке ийе интернет трафиклери менен тәмийинлеў сыяқлы оғада әҳмийетли мәселелерди шешиўди талап етеди.

Бул ўазыйпалардың басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы болса экономиканы раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың турмыста мүнәсип орын табыўы, нәтийжеде, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў мәселелериниң унамлы шешилиўин тәмийинлейди.

 

Муродулла ХОЛМУҲАМЕДОВ,

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары.

дәрек: xs.uz

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги