Қараөзек районы халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен бос жумыс орынларының мийнет базары ярмаркасы  өткерилди. Ярмаркада тийисли тараў жуўапкерлери шығып сөйлеп, бос жумыс орынлары бойынша мағлыўматлар берип өтти.

Ярмаркаға район аймағындағы 59 мәкеме ҳәм кәрхана өзлеринде бар болған 190 бос жумыс орынлары  менен қатнасты.

Жумыссыз 30 пуқара өз қәнигелиги ҳәм уқыбына қарай жумысқа орналастырылды. Тигиўшилик қәнигелиги бойынша 10 жумыссыз пуқара қайта кәсипке таярлаўға оқыўға жиберилди. 15 пуқара ҳақы төленетуғын аймақты абаданластырыў жумысларына тартылды. Өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде 103 пуқараға субсидиялар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги