Машқаланың үлкен кишиси  болмайды.

Хожели районындағы  «Шағалакөл» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары сол жерден өтетуғын  коллектордың (изейкеш)  үстине өз басымшалық пенен қурылған көпир қолайсыз жағдайда екенлиги туўралы усы аймақтан сайланған Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП  депутатлық топарының баслығы  Юлдаш Матниязовға мүрәжат етти.

Депутат  аймақ турғынларының машқаласын нызам шеңберинде көрип,  үйренип шықты.  Халық ўәкили  Хожели районлық абаданластырыў бөлимине  депутатлық сораў  жиберди.  Абаданластырыў  бөлими  оңлаў жумысларын алып барыў ушын қурылыс материалларын алыўға 20 миллион сум муғдарында қаржы кереклигин айтты.

Депутат қаржы мәселесинде  район  ҳәкими  Жеңис Ермашевқа усыныс хаты менен шықты. Район ҳәкимлиги тәрепинен жоқарыдағы көрсетилген қаржы  ажыратылып,  усыныс   унамлы  шешимин  тапты.

Нәтийжеде көпирге ири оңлаў жумыслары алып барылып, қайтадан жаңа түске енди.

– Аймағымызда 978 хожалық бар, 5433 адам жасайы,-дейди «Шағалакөл» МПЖ баслығы Қоблан Асаматдинов. – Негизинде, бул көпирди усы жердиң турғынлары изейкештиң арғы тәрепиндеги 4-санлы улыўма билим бериў мектебине балаларының қатнаўы ушын өзлери қурып алған еди. Гүзги-қысқы мәўсимде жоллар тайғақ ҳалға келгенде балалардың оқыўға қатнаўына қыйыншылық туўдыратуғын еди. Сонлықтан, аймағымыздан сайланған депутат Ю.Матниязовқа жәрдем сорап мүрәжат етилген еди.

Машқаламызды шешиўге жәрдем көрсеткени ушын депутатқа, район ҳәкимлигине ҳәм абаданластырыў бөлимине миннетдармыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги