Усы  жылдың 2-сентябрь күни Нөкистеги 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде пандемия дәўиринде жаңа оқыў жылына таярлық ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплерин санитариялық-эпидемиологиялық талаплар тийкарында үскенелеў мәселелерине бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 28-август күни улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқыў жылына таярлық көриў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып, онда мектеплерде билимлендириў процесин бир ўақыттың өзинде еки – онлайн ҳәм дәстүрий түрде шөлкемлестириўге қарар етилди.  Жаңа оқыў жылы болса, 14-сентябрьден басланып, бул бағдарда ҳәрекетлер схемасын ислеп шығыў ҳәм тәжирийбеден өткериў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстандағы 726 улыўма орта билим бериў мектебинде 300 мыңнан аслам ул ҳәм қыз балалар билим алады. Бүгингидей қыйын дәўирде де оқыўшылардың пуқта билим алыўын, коронавирус пандемиясы шараятында олардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге, зәрүрли шараятларды жаратыўға итибар қаратылмақта. 31-санлы мектепте шөлкемлестирилген көргизбели семинарда бул илажлар өзиниң әмелий көринисин тапты. Семинарда жаңа оқыў жылына таярлық көриў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда, усы орта мектепте санитариялық-эпидемиологиялық талаплар тийкарында заманагөй үскенелеўдиң үлгидеги көриниси таныстырылды.

Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы