Елимизде технологияның имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, әсиресе, ҳәзирги пандемия жағдайында пуқаралар ушын аралықтан турып өз жумысларын питкериў, сондай-ақ, мүрәжатларын билдириў ушын бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Салық хызметиниң тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўға жәрдем бериўге хызмет ететуғын “Soliq hamkor” – жәмийетлик қадағалаўының жаңа бағдарламасы жолға қойылды.

– Бундай қадағалаў түри саўда ислеў ямаса басқа да орынлардағы касса машинасынан тутыныўшылар тәрепинен сатып алынған өним ушын чек берилмесе, терминал арқалы төлем қабыл етилмесе, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўға хызмет етеди,-дейди басқарма қәнигеси М.Мершиева. – Себеби, хызмет көрсетиўшилердиң ямаса саўда орынларының бундай ис-ҳәрекетлери салық ҳуқықбузарлығы болып есапланады.

Сондай-ақ, тутыныўшылар енди, жаңа имканияттан пайдаланып, “Soliq hamkor” бағдарламасы, @soliq_hamkor_bot қосымшасы, @soliq_hamkor_bot телеграм-боты, салық уйымларының электрон мәмлекетлик хызметлери порталы – my.soliq.uz   арқалы, салық ҳуқықбузарлықлары ҳаққында хабар берип, салық уйымлары менен аралықтан бирге ислесе алады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги