Магистратураға тестлерди таяныш жоқары оқыў орынлары дүзеди ҳәм қупыялылығына кепиллик бериледи, деп айтып атыр. Усы қупыялылық қалай тәмийинленеди? Таяныш жоқары оқыў орнындағылар тестлерди сатпаўына қандай кепиллик бериледи? Көпшилик абитуриентлер тәрепинен берилип атырған усы сораўларға Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Ф.Бабашев төмендегише жуўап берди.

 

«Көпшиликтиң хабары бар, магистратураға қабыллаў процесиндеги имтиханлар шет тили ҳәм қәнигелик пәни, илимий-педагогикалық потенциалы және IQ дәрежесин анықлаўға бағдарланған тестлерди өз ишине алған.

 

Қәнигелик тестлери тек ғана таяныш жоқары оқыў орынлары тәрепинен таярланбайды. Тийисли барлық жоқары оқыў орынлары тәрепинен таярланған тестлер араласқан ҳалда бериледи», – деди министрликтиң ўәкили.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.