МҒКАда болып өткен брифингде ӨзР Халық билимлендириў министрлигиниң баспасөз хаткери Л.Рустамова мектеплерде дәстүрий тәризде сабақларды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында мағлыўмат берди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

 

Пандемия шараятында мектеплерде сабақлар азанғы саат 08:00 ден кешки саат 17:30 ға шекем шөлкемлестириледи.

 

Балалардың бир ўақытта топланып қалыўының алдын алыў мақсетинде сабақлардың басланыўы дифферециалластырылған ҳалда әмелге асырылады. Оған муўапық, 1-4-класслар мектепке саат 08:00 ге шекем, 5-8-класслар саат 08:30 ға шекем және 9-11-класслардың мектепке келиўи саат 09:00 ге шекем өз алдына есиклерден социаллық аралықты сақлап, дене температурасын өлшеген ҳалда әмелге асырылады.

 

Сабақлар класс системасында алып барылады, яғный барлық сабақлар бир класс ушын бир бөлмеде өткериледи.

 

Баслаўыш класс оқыўшылары класс басшылары тәрепинен мектептиң тийкарғы дәрўазасының қасында күтип алынады және шығарып салынады, ата-аналардың мектепке кириўи қадаған етиледи.

 

Сабақлар аралығындағы тәнепислер ўақтында қоңыраўлар шалынбайды. Класс бөлмелери көшедеги ҳаўа температурасынан келип шығып, самаллатып барылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.