Бүгин, 3-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар 4 орында – дене мәденияты (соның ишинде, ҳаял-қызлар спорты) бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша Нөкис қалалық ХББге қараслы 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң спорт майданшасында, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша институттың шет тиллери ҳәм дене мәденияты факультетлери имаратының спорт залында, музыкалық тәлим бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша институт бас имаратының киши мәжилислер залында, сондай-ақ, оқыў қазақ ҳәм түркмен тиллеринде алып барылатуғын бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша имтиханлар институт бас имаратындағы үлкен сыйымлылыққа ийе спорт залда өткерилмекте.

 

Имтиханларға кириў орынлары дезинфекциялық туннель, дене температурасын өлшеў ушын пирометрлер менен тәмийинленген болып, арнаўлы медицина хызметкерлери ҳәр бир абитуриенттиң температурасын өлшеп, оларға медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплар бийпул тарқатылмақта.

Сондай-ақ, абитуриентлер ушын қолайлық жаратыў мақсетинде имтиханлар өткериў орынларына бийпул ручка, қағаз, қәлем, ишимлик суўын тарқатыў жумыслары жолға қойылған.

 

Имтиханлардың әдил өтиўин тәмийинлеў мақсетинде Бухара мәмлекетлик университетинен тәжирийбели профессор-оқытыўшылар бириктирилди.

Сондай-ақ, пандемия шараятында абитуриентлердиң ата-аналарының саламатлығын тәмийинлеў ҳәм олардың артық әўере болыўының алдын алыў мақсетинде институттың рәсмий веб-сайтында https://ndpi.uz/qq/online-kamera/ веб-мәнзили арқалы кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар онлайн трансляция етилмекте.

 

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар 14 күн даўамында өткерилиўи жобаластырылған.

Мағлыўмат ушын, 2020-2021-оқыў жылы ушын институттың бакалавиатура күндизги билимлендириў бағдарларына улыўма 2125 орын (соннан, 500 мәмлекетлик грант, 1625 төлемли контракт тикарында), сыртқы билимлендириў бағдарларына төлемли контракт тийкарында 1400 орын, сондай-ақ, жаңа оқыў жылында кешки билимлендириў бағдарлары ушын төлемли контракт тийкарында 100 орын ажыратылды. 20-июньнан 20-июльға шекем бир ай даўамында усы билимлендириў бағдарларына 31 309 абитуриенттен ҳүжжетлер қабыл етилди.

 

Соннан 26 728 абитуриент тест сынақларында қатнасыўы жобаластырылған болып, қалған 4581 абитуриент сайлаған бакалавриат билимлендириў бағдарына сәйкес түрде кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын тапсырады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген сүўретлери.