Ташкент қаласындағы МҒКАда болып өтип атырған брифингде тест сынақларының 1-күни 1-сменадағы жағдай бойынша МТО директорының орынбасары С.Ражабов мағлыўмат берип өтти, деп хабар берди ӨзА.

 

1-сменада 59 250 абитуриент тест тапсырыў жобаластырылған еди. Соннан 55 767 абитуриент тест сынақларына қатнасты. 3474 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы тестке келмеди.

 

1 абитуриенттиң дене температурасы жоқары болғанлығы ушын тестке киргизилмеди ҳәм акт дүзилди.

 

8 абитуриент кириў орнында тест сынақларынан шетлетилди. Атап айтқанда, олардан 4 абитуриент телефон, 1 абитуриент шпаргалка, 2 абитуриент басқа абитуриентлердиң орнына кирмекши болғаны, 1 абитуриент ҳүжжетти қәлбекилестиргени ушын шетлетилген.

 

Тест сынақлары процесслеринде тәртип-қағыйданы бузғаны ушын 29 абитуриент тесттен шетлетилди. Соның ишинде, 26 абитуриентт телефон ҳәм басқа түрдеги электон қураллардан пайдаланғаны ушын, 1 абитуриент шпаргалка, 1 абитуриент калькулятор ҳәм және биреўи өтирик ҳүжжет пенен тестке киргени ушын шетлетилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.