Өзбекстан Республикасының «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳақкында»ғы Нызамының жаңа редакциядағы жойбары 2020-жыл 19-август күнинен parliament.gov.uz сайтына жәмийетшилик додалаўы ушын жайластырылды.

Нызам жойбары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 22-июндағы «Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының миллий стратегиясын тастыйықлаў ҳақкында»ғы ПП-6012-санлы Пәрманыныӊ орынланыўын тәмийинлеў, мәмлекетимизде ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўдиң ҳуқықый механизмлерин жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте ислеп шығылды.

Бул тараў бойынша дүнья тәжирийбесине қарайтуғын болсақ, Бирлескен миллетлер шөлкеминиң Уставынан баслап бәрше халықаралық шәртнамаларда, дүнья мәмлекетлери Конституция ҳәм Нызамларында ҳүждан еркинлиги өз сәўлелениўин тапқан.

Атап айтқанда, 1948-жылы 10-декабрьде қабыл етилген Инсан ҳуқықлары дүньяжүзлик декларациясына муўапық ҳәр бир инсан пикирлеў, ҳүждан ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықларына ийе.

Мәмлекетимизде пуқаралардың ҳүждан ҳәм исеним еркинлиги Нызам менен тәмийинленген болып, бул тийкарғы нызамымыз болған Өзбекстан Республикасы Конституциясының Жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер ҳақкындағы VII-бабы 31-статьясында белгиленген. Оған көре, «Ҳәмме ушын ҳүждан еркинлигине кепиллик бериледи, ҳәр ким ҳәр қандай динге исениўге ямаса ҳеш қайсысына исенбеўге ҳақылы. Диний көз-қарасларды мәжбүрий түрде таңыўға жол қойылмайды» деп анық көрсетилген.

Өзбекстан Республикасы «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳақкында»ғы Нызамының жаңа редакциядағы жойбары менен, ҳәр бир шахстың Инсан ҳуқықлары дүньяжүзлик Декларациясы, Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт ҳәмде Өзбекстан Республикасы Конституциясы менен кепилленген ҳүждан еркинлиги ҳәм диний исеним ҳуқықын тәмийинлеўге байланыслы қатнасықлар тәртипке салынған.

Нызам жойбарында төмендеги тийкарғы жаңалықлар нәзерде тутылған:

Нызам асты ҳүжжети менен тәртипке салынатуғын қатнасықлар әмел етиўши бирден-бир нызамға бирлестирилди;

ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў тараўында мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳәм принциплери орнатылды;

тараўда ўәкилликли болған мәмлекетлик уйымларының ўазыйпа ҳәм функциялары шегерасы анық белгилеп берилди;

диний шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртип-қағыйдалары жеңиллестирилди.

Атап айтқанда, дизимнен өтиў ушын усынылатугын ҳүжжетлер саны қысқартылды, оларды нотариал ҳәм басқа көринислерде тастыйықлаўға байланыслы талаплар бийкар болды, мәмлекетлик хызметлер толық электрон көринисте әмелге асырылыўы енгизилди ҳәм дизимнен өткериўден бас тартыў тийкарлары анық белгиленди.

Сондай-ақ, жойбар менен төмендеги тәртиплердиң бийкарланып атырғанлығы мәмлекетимизде ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўде үлкен қәдем қойылғанлығынан дерек береди.

Булардан:

пуқаралардың жәмийетлик орынларда зыярат кийимлеринде жүриўлерине жол қойылмайтуғынлығы ҳаққындағы шеклеў алып тасланбақта;

диний шөлкемди дүзиўде мәҳәлле пуқаралар жыйынлары разылығын алыў тәртиби бийкар болмақта;

диний шөлкемди дүзиў интакерлериниӊ саны 100 адамнан 50 адамға қысқартылмақта.

Жуўмақлап айтқанда, нызам жойбарының қол қойылып күшге киргеннен соң, мәмлекетимизде пуқаралардың ҳүждан ҳәм диний исеним еркинлиги ҳуқықы нызам жолы менен тәмийинлениўи еледе күшейтириледи, диний шөлкемлердиң искерлик көрсетиўлерине кең қолайлық ҳәм имканиятлар жаратылады.

А.Өтеўлиев,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик

министрлигиниӊ бөлим баслығы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги