Сиз көрип турған усы фотода бүгин басланған жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары даўамында абитуриенттиң биймәлел телефоннан пайдаланып отырғаны сәўлеленген жағдай социаллық тармақ пайдаланыўшылары арасында кескин пикир-таласларға себепши болмақта.

 

Мәмлекетлик тест орайының мәлим етиўинше, бул фото 25-август күни Әндижан ўәлаятында ҳәкимият басламасы менен өткерилген семинарда түсирилген болып, бул бүгинги тест сынақларына байланыслы емес.

 

Мәлим болыўынша, социаллық тармақларда тарқалып атырған басқа сүўретлер де Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен үйренип шығылмақта ҳәм үйрениў нәтийжесинде зәрүр болған шаралар көриледи.

 

Еслетип өтемиз, бүгин – 2-сентябрьден жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў тест сынақлары басланып, дәслепки күнниң 1-сменасы жуўмақланды ҳәм 2-сменаға таярлық жумыслары алып барылмақта.

 

Процессти test2020.uz сайты арқалы, сондай-ақ, үйлердеги телевизорлар арқалы онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған.

 

Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлерден тест процесине тек ғана паспорт ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен келиўин сорайды.

 

Егер тестке кириў ямаса тест процесинде қадаған етилген затлар анықланса, абитуриент тест сынақларынан шетлетиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.