Балалардың саламат ҳәм билимли болып өсиўинде балалар бақшасының орны әҳмийетли.

Усы жылдың 28-август күни пайтахтымыздағы «Таслақ» елатында бой тиклеген 53-санлы мектепке шекемге билимлендириў шөлкеми имаратының ашылыў салтанаты болып өтти.

Балалар бақшасы заманагөй типте қурылған болып, 385 орынға мөлшерленген ҳәм барлық қолайлықларға ийе.

Илаж қатнасыўшылары елимизде мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң хызметин жақсылаў, ең алдыңғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў ҳәм бул бағдарда алып барылып атырған нәтийжели жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Буннан соң мийманлар бақшада балалар ушын жаратылған қолайлықлар менен танысты.

– Бақшамызда спорт, гимнастика, музыка залы, китапхана, логопед, психолог, инглиc тили бөлмелери жумыс алып бармақта. Раўажландырыўшы 5 орай болса, керекли қураллар менен тәмийинленген, – дейди МШБШ ның меңгериўшиси Рано Уразымова. Балалар топарларда емес ал асханада аўқатланады. Топарларда оқыў-тәрбия жумыслары алып барылады. Китапханамызда өзбек, қарақалпақ ҳәм басқа да халықлардың ертек китаплары орын алған. Ҳәр бир баланың қәбилетин раўажландырыўға бағдарланған ойыншықлар менен тәмийинленген.

Бақшаға өзиниң жумысын пуқта билетуғын, тәжирийбели маман педагог кадрлар қамтып алынған. Бүгинги күнде бақшада «Дәслепки қәдем» бойынша да жумыслар алып барылмақта.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы