Усы жылдың 28-август күни Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң  он төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияға райондағы сектор басшылары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Сессияның күн тәртибинде халықтың мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын асырыў ҳәм сырт елде мийнет етип атырған пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша район ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Азербаев баянат жасады.

Буннан кейин райондағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2020-2021- оқыӯ жылына таярлық көриў бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳаққында районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Д.Иззетуллаев шығып сөйледи.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша бир қатар депутатлар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Қаралған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги