Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Сессия күн тәртибинде алты мәселе көрип шығылды.

Президентимиздиң видеоселектор мәжилисинде белгилеп берген тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде сессияда халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде жумыс ислеп келген пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Сондай-ақ, сессияда районда коронавирусқа қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған қатаң илажлар, 2020-2021-оқыў жылына таярлық жумыслары, райондағы ишимлик суўы ҳәм канализация тармақларын жақсылаў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў жумысларын жеделлестириў  илажлары ҳаққындағы мәселелер бойынша баянатлар тыңланды. Буннан кейин район прокуратурасының ҳәм районлық Ишки ислер бөлиминиң быйылғы жылдың 6 айы даўамында әмелге асырған жумыслары бойынша прокурор орынбасары Н.Юлдашев ҳәм ишки ислер бөлиминиң баслығы К.Исмайловлар депутатлар алдында есап берди.

Сессия жумысында депутатлардың талабы менен райондағы банк басқарыўшыларының шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы әмелге асырылған илажлар бойынша есаплары тыңланды. Депутатлар есапларға сын көзқараста баҳа берип, бул бағдардағы жүзеге келип атырған машқалаларды додалады.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты М.Ибрагимов қатнасты ҳәм көрилген мәселелер бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.