Халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң он биринши сессиясы болып өтти.

Оған сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, ҳәкимлик бөлимлери, ҳуқық қорғаў уйымлары, кәрхана, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм билимлендириў мәкемелери, пуқаралар жыйынлары басшылары ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияда, халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў («Темир дәптер»), исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў және сырт еллерде мийнет еткен жумыссыз пуқараларды жумысқа орналастырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Сондай-ақ, жаңа оқыў жылына ҳәм районда 2020-2021-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў жумысларының барысы туўралы мәселелер көрип шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги усы ҳәм басқа да мәселелер бойынша тийисли тараў басшыларының есабатлары тыңланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Сессияда көрилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги