Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде бир топар мийнет ветеранларына I, II, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилерин тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов басқарып барды.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы байрамы ҳәм ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында нуранийларға ҳәм кексе жастағы пуқараларға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлыққа тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, ғәрезсиз елимизде кексе жастағы пуқараларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, олардың елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысына белсене қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, кексе әўладтың жәмийетте, шаңарақларда ҳәм мәҳәллелерде тынышлық-татыўлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, жас әўладты халқымыздың көп әсирлик дәстүрлерин ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаў жумысындағы ролин арттырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Экономика ҳәм өндирис, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, ҳуқық ҳәм басқа да тараўлардағы көп жыллық ҳадал мийнети ушын бир топар ветеранларға, сондай-ақ, жәмийетте беккем шаңарақты сақлап қалған, перзентлерин үлкенлерге ҳәм киши әўладларға ҳүрмет, жәмийет алдындағы жуўапкершилик, Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялап ҳүрметке бөленген аналарға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл14-июльдеги қарары менен I, II,III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилериниң шөлкемлестирилиўи буның айқын дәлийли болып табылады.

Елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы байрамы алдында бизиң республикамыздан 7 нураний I дәрежели, 8 нураний II дәрежели, 10 нураний  III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Илажда «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси ҳәм оның гүўалығы салтанатлы жағдайда тапсырылды

Буннан соң сыйлықланғанлар атынан Нөкис қаласы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары К.Қалендеров, Мойнақ районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары Ж.Жүсипов, шайыра Г.Дәўлетова шығып сөйлеп, айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы ушын ҳүрметли Президентимизге, республикамыздың басшыларына миннетдаршылық билдирди.

-Бул тек маған емес, бәрше район нуранийларына ҳүрмет деп есаплайман,-дейди III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси ийеси, Мойнақ районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары Жаңабай Жүсипов.- Ең әзиз ҳәм улыўма миллий байрам байрам алдынан берилип атырған бул сыйлық бүгинги сынақлы күнлерде ҳәр бир нуранийға айрықша жуўапкершилик жүклейди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы